Кейинги жылларда елимизде нотариат институтының нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеў ҳәм нотариал уйымлар тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге ҳуқықый хызмет көрсетиў сапасының дәрежесин арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бунда Президентимиздиң 2019-жыл 9-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасында нотариат системасын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы нотариал хызметлер көрсетиўдиң оперативлигин арттырыў, пуқаралық-ҳуқықый қатнасықларда, соның ишинде, жеке меншик мүлк ийелери өзлериниң мүлкин еркин түрде басқарыўы ҳәм оннан пайдаланыўында артықша бюрократлық тосқынлықлар ҳәм иркиниш жасаўларды алып таслаў және тараўды санластырыўда айрықша әҳмийетке ийе болды.

Жаратылып атырған усындай имканиятлардан пайдаланған ҳалда быйылғы джылдың өткен дәўири ишинде 667 нотариал ҳәрекет тастыйықланды. Соның 174 и автомашинаны алды-сатты шәртнамасы,  84 и  турақ жай (хана) алды-сатты ҳәм саўға шәртнамалары, 55 и автомашинаны басқарыў ҳәм сатыў ҳуқықын бериўши исеним хат,  14 и мийрас иси, 330 ы басқа түрдеги шәртнама ислери тастыйықлап берилди.

Тараўда бюрократлық тосқынлықлардың алып тасланыўы ҳәм санластырылыўы бул жерге келген халықтың мүтәжликлерин иркинишсиз ҳәм сапалы питкериўде айрықша әҳмийетке ийе. Нотариустың тийкарғы ўазыйпасы, нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыў арқалы пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, келип шығыўы мүмкин болған тартыслардың алдын алыў болып есапланады. Себеби, ҳәр бир ҳүжжет артында инсан тәғдири бар.

Полат МӘМБЕТНАЗАРОВ,

Нөкис қаласындағы жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариус.

Қарақалпақстан хабар агентлиги