Қарақалпакстан Республикасы Министрлер Кеӊеси баслығы Қ.Сариевтиӊ  2022-жыл 12-апрелдеги 01.-09/9-04/407-санлы Реже кестесине муўапық  Нөкис транспорт колледжинде Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниӊ Мийнет миграциясынан кайтып келген пуқаралардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, миграциясына шығып кеткен пукаралардыӊ шанарақ ағзаларынан хабар алыў ҳәм жағдайларын үйрениў, оларға жәрдем көрсетиў, сондай-ақ, социаллық шараятларын жақсылаўға бағышланған көшпели қабыллаўы болып өтти.

Қабыллаў даўамында 22 пуқарадан ҳәр қыйлы мүрәжатлар келип түсип, бунда 8 пуқараныӊ мүрәжаты сол жердин өзинде өз шешимин тапты.

-Мен Нөкис қаласы «Сәўир шамалы» көшесинде жасайман,-дейди бизге Юсуп Успанов.-Жақынға шекем Қазакстан Республикасында жумыс ислеп келдим. Енди жасаў турмысымды өзгертиў ушын исбилерменликке окымақшыман. Бул бойынша министрлик басшыларына мүрәжат еткен едим. Мәселем тийисли қәнигелер тәрепинен үйренип шығылып, мен Саўда-санаат палатасында исбилерменлик бойынша окыўға жиберилдим.

Буннан басқа 3 пукара тәрепинен ҳәзирги ўакытта шаӊарак ағзалары Россия Федерациясы ҳәмде Казакстан Республикасында мийнет мигранты болып жүргенин ҳәм талабы келиспегенликтен үйине қайта алмай жүргенлиги бойынша мүрәжат етти.

Бул мәселелер де министрлик басшылары тәрепинен итибарға алынып, оларға нызам тийкарында әмелий жәрдем көрсетилетуғынлығы атап өтилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы