Бүгин, 15-апрель күни Ташкент қаласында «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының жеңимпазларын сыйлықлаў салтанатлы болып өтти.
Қуўанышлысы, онда қарақалпақстанлы еки талантлы жас – Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты музыкалық тәлим бағдарының 4-курс студенти, жас жыраў Дәўранбек Ендирбаев ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры балет артисти Жанар Төреева «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреатлары сыпатында статуэтка ҳәм диплом менен сыйлықланды.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Қарақалпақстан Республикасынан 2019-жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты музыкалық тәлим бағдарының еки студенти – Муҳаммед Төребеков ҳәм Әдилбек Бахтыбаевлар усы сыйлықтың лауреатлары болған еди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.