15-апрель – Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни
Ҳәр бир миллеттиң миллий өзлигин аңлатыўшы үрп-әдет дәстүрлери, тили, мәденияты, көркем өнери ҳәм әўладтан-әўладқа мийрас болып киятырған халық аўыз еки дөретпелери сол халықтың бийбаҳа миллий қәдириятлары саналады. Сол сыяқлы қарақалпақ халқыда өзиниң үрп-әдет дәстүрлери, тили, бай мәденияты ҳәм өзине тән көркем өнери менен басқа халықлардан ажыралып турады. Бир ғана мысал сыпатында айтып өтетуғын болсақ, халқымыздың мәденият ҳәм көркем өнериниң дүнья бойлап танылыўында халықаралық шөлкем саналған ЮНЕСКОның Материаллық емес мәдений мийрасты сақлаў ҳүкиметлераралық комитети тәрепинен бақсышылық көркем өнери Инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасы репрезентатив дизимине киригизилиўи дүнья жәмийетшилигиниң халқымыздың мәденият ҳәм көркем өнер тараўына әсиресе, бақсышылық көркем өнерине болған үлкен ҳүрмет-итибардың айқын көриниси есапланады.
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы республикамыздағы мәденият ҳәм көркем өнер, театр, кино, телевидение ҳәм халық дөретиўшилиги бағдарлары бойынша жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлап беретуғын жоқары оқыў орны есапланады. Бүгинги күнде филиалда 16 тәлим бағдары бойынша мыңнан аслам студент-жаслар билим алып, оларға 59 профессор-оқытыўшы билим берип келмекте. Олардан 6 профессор, 12 илим кандидаты, 3 доцент, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артистлери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артистлер, Қарақалпақстан халық бақсыларының бар екенлиги теория ҳәм әмелиятты байланыстырыўда, сондай-ақ, студент-жаслардың өз тәлим бағдарлары бойынша маман қәнигелер болып жетилисиўинде үлкен әҳмийетке ийе. Әлбетте, усындай устазлардан билим алған жаслар арасынан келешекте драматург, бәлент лапызлы бақсылар, эстрада қосықшылары ҳәм көркем өнер ҳәм мәдениятымыздың раўажланыўында үлес қосатуғын басқа да талант ийелери жетилисип шығады деп исенемииз.
Бүгинги күнде филиалда студент-жаслардың мәденият ҳәм көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў, оларға қарақалпақ, өзбек ҳәм басқа да халықлардың миллий ойын үлгилерин кеңнен үйретиўде «Тумар» ансамбли ҳәрекет етип келмекте. Қәбилетли жаслар қурамынан дүзилген ансамбль жәмәәти елимиздиң Ғәрезсизлик, Наўрыз байрамлары ҳәм басқа да илажларда өзлериниң концерт бағдарламалары менен қатнасып, халқымыздың жүрек төринен орын алып келмекте.
Усы жылдың 2-февраль күни Президентимиз тәрепинен «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Қарарда мәденият ҳәм көркем өнер тараўларын буннан былайда раўажландырыў, жаслардың көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыўда алдымызда бир қатар ўазыйпалар белгиленген.
Бул бағдарда мийнет жәмәәтимиз бенен биргеликте қарақалпақ мәденияты ҳәм көркем-өнериниң раўажланыўында, оның дүнья бойлап танылыўында аянбай мийнет ете беремиз. Сәне мүнәсибети менен бәрше көркем өнер ҳәм мәденият тараўы ўәкиллерин және бир мәрте кәсиплик байрамы бенен қутлықлап, шанарақларына аманлық, дөретиўшилик жумысларыңызда табыслар тилеймиз.
Аманжол АЯПОВ,
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият
институты Нөкис филиалы директори,
Филология илимлериниң кандидаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги