15-апрель – Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни
Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң мәденият ҳәм көркем өнер тараўына болған айрықша итибары, ғамқорлығы нәтийжесинде салада мисли көрилмеген жаңаланыўлар жүз берип, тараўда жаңа ояныў дәўири басланды. Жәмийетимизде мәденият тараўы хызметкерлериниң орны айрықша екенлиги, ҳәр бир миллетти миллет сыпатында танытыўда оның әдебияты менен бирге көркем өнериниң, миллий мәдениятының да орны гиреўли екенлиги әмелде өз көринисин таппақта.
Соңғы жыллары мәденият ҳәм көркем өнер тараўының ҳуқықый базасын беккемлеў, оны ҳәр тәреплеме раўажландырыў менен бирге миллий мәдениятымызды жаңа басқышқа көтериў бойынша Президентимиздиң Пәрман ҳәм Қарарлары қабыл етилип, тараўымыздың раўажланыўы, оның материаллық-техникалық базасы ҳәм кадрлар потенциалын беккемлеў жолында әҳмийетли роль атқармақта. Солар қатары қарақалпақ мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыў бағдарында да түпкиликли өзгерислер әмелге асырылып, тилге тийек етерлик жумыслар алып барылмақта.
Атап ѳтиў орынлы, бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги системасында 3 мәмлекетлик театр, 2 жоқары оқыў орны, 2 қәнигелестирилген мәденият ҳәм кѳркем ѳнер мектеби, Опера ҳәм бақсышылық кѳркем ѳнерине қанигелестирилген мектеп интернаты, 24 балалар музыка ҳәм кѳркем ѳнер мектеби, Республикалық кѳзи әззилер китапханасы, 3 концерт шѳлкеми, 60 қала ҳәм районлық мәденият орайлары жумыс алып барып атырған болса, оларда 3 мыңға жақын хызметкерлер табыслы ислеп атыр. Ал, Ѳзбекстан мәмлекетлик кѳркем ѳнери ҳәм мәденият институты Нѳкис филиалы менен ѳткен жылы ашылған Ѳзбекстан мәмлекетлик Консерваториясы Нѳкис филиалында улыўма 21 қәнигелик бойынша мыңнан аслам жасларымыз билим алмақта.
Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын еле де раўажландырыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша да бир қатар инабатлы жумыслар әмелге асырылмақта. Өткен жыллары Төрткүл, Мойнақ, Бозатаў, Елликқала, Шымбай, Қанлыкөл, Хожели районлары менен Нөкис қаласында заманагөй үлгидеги мәденият орайлары, амфитеатр ҳәм балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Қарақалпақ кѳркем ѳнер сарайы реконструкция етилип, ҳәзирги ўақытта Ѳзбекстан мәмлекетлик кѳркем ѳнер ҳәм мәденият институты Нѳкис филиалының 300 орынлық жатақханасы, Шоманай районлық Мәденият бѳлиминде қурылыс жумыслары даўам етпекте.
Мәмлекетимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўын еле де раўажландырыў, халқымыздың мәдений дәрежесин ҳәм халыққа мәдений хызмет көрсетиўдиң нәтийжелилигин арттырыў, көркем өнерге қызығыўшы талантлы жасларымызды қоллап-қуўатлаў сыяқлы жуўапкершиликли жүкти мойнына алған ҳәрбир тараў хызметкери бүгин миллий мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримизди Республикамыз көлеминде емес, ал, халықаралық майданға алып шығып, табысларға бөленбекте. Бир ғана ѳткен жылдың ѳзинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық театры Түркияның Трабзон қаласында дөретиўшилик сапарда болып, XXI “Қаратеңиз” халықаралық театрлар фестивалына, “Айқулаш” Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли Башқуртсында ѳткерилген халықаралық Фольклориадаға, Түркияда болып ѳткен «Мәденият ҳәптелигине», Ҳиндистандағы Халықаралық хореография фестивалына табыслы қатнасып қайтты. Әҳмийетлиси, 2021-жылдың 17―20-сентябрь күнлери Нөкисте II Халықаралық Бақсышылық кѳркем ѳнери фестивалының өткерилиўи халқымызды үлкен қуўанышқа бөледи. Фестивалға дүньяның 22 мәмлекетинен 100 ден аслам бақсы, ақын ҳәм жыраўлар, көркем өнер жәмәәтлери қатнасты.
Соны да айрықша атап өтиў орынлы, ҳәр жылы мәденият ҳәм көркем өнер тараўында жумыс алып барып атырған бир топар дөретиўшилеримиз мәмлекетимиздиӊ ҳүрметли атақлары менен сыйлықланып киятыр. Ал, бүгинги күни мәденият ҳәм көркем өнер тараўы бойынша 6 қызымыз Зульфия атындағы ҳәм 17 талантлы жасымыз “Ниҳол” мәмлекетлик сыйлықларының ийелери болды. Сондай-ақ, көплеген жасларымыз халықаралық ҳәм республикалық таңлаў, фестивальларда табыслы қатнасып, қарақалпақ миллий мәденияты ҳәм көркем өнерин жәҳән бойлап танытпақта.
Республикамыздың басқа аймақлары менен мәдений, дослық байланысларды еле де беккемлеў қарақалпақ миллий мәденияты, көркем өнериниң сайланды үлгилери менен таныстырыў мақсетинде усы жылдың өзинде Бухара, Жиззах, Самарқанд, Сырдәрья, Ташкент ўәлаятлары менен Ташкент қаласында “Қарақалпақ мәденияты күнлери”н өткериў, сондай-ақ, елимизде Әндижан, Сурхандәрья, Ферғана, Ташкент қаласы ҳәм басқа да ўәлаятлардың “Мәденият күнлери” өткериў белгиленген. Усы жылдың өзинде Республикамыз бойлап түрли мәдений, халықларалық фестивальлар, әнжуманлар өткерилиўи режелестирилген болып, оларда әлбетте қарақалпақстанлы көркем өнер шеберлери де ылайықлы қатнасып, жоқары шеклерди ийелеўине беккем исенемиз.
Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери, тараў ветеранлары ҳәм жасларымызды бүгинги қутлы әййям—Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни менен қутлықлап, бәршеңизге саў-саламатлық, күш-ғайрат, шаңарақларыңызға аманлық, елимиз мәдениятын ҳәм көркем өнерин раўажландырыў жолындағы машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысларыңызда табыслар тилеймен.
Қалбай Турдиев,
Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри.
Қарақалпақстан хабар агентлиги