Өзбекстан тарийхы ҳәм археологиясы илимин белгили археолог изертлеўши илимпаз, Өзбекстан қаҳарманы, марҳум Ғайратдин Хожаниязовсыз көз алдымызға келтириўимиз қыйын.

1948-жылы Қараөзек районында туўылып камалға келген Ғ.Хожаниязов, мектепти тамамлағаннан соӊ Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтында тәлим алды.

Соӊынан Москва мәмлекетлик университетинде прфессор А.Феодоров-Давыдов басшылығында ҳәм Россия Илимлер Академиясы Археология институтыныӊ антик дәўир секторында профессор Г.А.Кругликова басшылығында қәнигелигин арттырады.

1996-жылы «Фортификация Древного Хорезма» (VI в. до. н.э- IV в.н.э.) темасында кандидатлық диссертация жумысын табыслы қорғап шығады. Бул жыллар даўамында ол Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан тарийх институтыныӊ жетик алымлары В.Н.Ягодин, М.Мәмбетуллаев, Ю.П.Манылов, Е.Бижанов ҳәм Н.Юсуповлар менен биргеликте археологиялық дала изертлеў жумысларын алып барады.

1990-1994-жыллары Ғайратдин Хожаниязов Қарақалпақстан Республикасындағы тарийхый ҳәм мәдений естеликлерди қорғаў жәмийетиниӊ баслығы,1994—2000-жыллары топонимикалық объектлерге белгили инсанлардыӊ атын бериў мәселелери бойынша Республикалық Муўапықластырыў комиссиясыныӊ ағзасы, сондай-ақ, 1995—2000-жыллары Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықты бериў комиссиясы ағзасы болып жумыс иследи.

2003-жылы Ғайратдин Хожаниязов көп жыллық пидәкерлик мийнети ушын «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланған болса,, 2008-жылы  оған Өзбекстан Қаҳарманы атағы берилди.

Ол бир неше мәрте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси депутаты, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы етип сайланды.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде елимиздиӊ пидайы археолог алымы Ғ.Хожаниязовтыӊ естелигине бағышланып, «Қубла Аралбойы тарийхы ҳәм археологиясы: изертлеўлер, излениўлер,( Өзбекстан Қаҳарманы, археолог алым Ғайратдин Хожаниязов оқыўлары) » темасында илимий-теориялық конференция болып өтти.

Конференцияны университет ректоры А.Реймов ашты ҳәм басқарып барды.

Онда ҚМУ «Хабаршы» журналы бас редакторы, үлкен оқытыўшы М.Турсынмуратов, тарийх илимлериниӊ кандидаты, доцент М.Туребеков, «Археология» кафедрасы баслығы, тарийх илимлериниӊ кандидаты, доцент Ж.Ҳәкимниязов, тарийх илимлериниӊ кандидатлары, доцент А.Утемисов, Ж.Айтмуратов, Тарийх факультети деканы С.Сулаймановлар шығып сөйлеп, Ғайратдин Хожаниязовтыӊ Өзбекстан тарийхы илиминде тутқан орны, пидайы хызметлери ҳәм адамгершилик пазыйлетлери туўралы илаж қатнасыўшыларына кеӊ түрде айтып өтти.

Илаж қатнасыўшылары университетте шөлкемлестирилип атырған «Өзбекстан Қаҳарманы, профессор Ғайратдин Хожаниязов атындағы инновациялық оқыў аудиториясы»нда болып, ол жерде илимпаздыӊ илимий мийнетлери көргизбеси менен танысты.

Конференция секцияларға бөлинген ҳалда өз жумысын даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы