Жақында Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында халық билимлендириўи тараўында әмелге асырылып атырған реформалардыӊ нәтийжелилигин таллаў бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтип, онда тараў басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлерине көплеген ўазыйпалар жүкленген еди.

Соныӊ ишинде, инсан капиталын раўажландырыў – Өзбекстанныӊ Раўажланыў стратегиясындағы жети бағдардан бири екенлиги атап өтилип, мектеплерде руўхый орталықты түп-тийкарынан жақсылаў бойынша жаӊа концепция ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Атап айтқанда, мектеплердеги руўхыйлық үгит-нәсиятшыларға талапларды қайта көрип шығып, бул ўазыйпаға мәҳәлле ҳәм жәмийетте абырайы жоқары инсанларды тайынлаў, үлгили оқыўшылар менен ата-аналарды хошаметлеп барыў зәрүрлиги атап өтилди.

Усы видеоселекторда көрсетилген ўазыйпалардан келип шығып, Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде сабақларда үлгили оқып атырған оқыўшылардыӊ ата-аналары менен ушырасыў болып өтти.

Онда мектеп директоры Оралбай Шерназаров бүгинги күни билимлендириў тараўы хызметкерлерине жүкленген ўазыйпалар, мектеп-ата-ана-мәҳәлле системасы тийкарында бирге ислесиўдиӊ пайдалы тәреплери ҳаққында кеӊ түрде айтып өтти ҳәм сабақларда үлгили оқып киятырған оқыўшылар менен олардыӊ ата-аналарына миннетдаршылық билдирилип, естелик саўғалары тапсырылды.

-Мениӊ қызым Нургүл Жолдасбаева усы мектептиӊ 9-класында билим алады,-дейди бизге Турдыгүл Нийетуллаева.–Қызым кишкенелигинен шет тиллерин үйрениўге, әдебиятқа қызығады. Оныӊ усы қызығыўшылығын инабатқа алып, қызымды «Жас лингвист» ҳәм «Талант» дөгереклерине қатнастырып атырман. Мектеп басшылары ҳәм дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысына оғада миннетдарман. Олар қызымныӊ бир қатар қосықларын редакторлап, жақында «Авангард» баспасында жарық көрген «Ақмаӊғыт илҳамлары» китабында басып шығарыўға жәрдем берди. Мен барлық ата-аналарды мектеп ҳәм мәҳәлле менен бирге ислесиўге шақырып қаламан.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы