Пайтахтымыздағы «Өзэкспоорай» орайлық көргизбелер комплексинде «Денсаўлықты сақлаў – TIHE 2022» халықаралық медицина көргизбеси болып өтпекте.
«Iteca Exhibitions» халықаралық көргизбелер компаниясы тәрепинен ҳәм бир қатар мәмлекетлик шөлкемлердиң рәсмий жәрдеминде шөлкемлестирилген илажда 15 мәмлекеттен 150 компания қатнасып атыр.
«Iteca Exhibitions» халықаралық көргизбелер компаниясының менеджери Нодира Ҳайитбоеваның мәлим етиўинше, медицина тоқтаўсыз раўажланып, турақлы түрде жаңа дәри қураллары патентленбекте. Медициналық әсбап-үскенелер жаратылмақта, емлеў ҳәм хирургиялық операциялардың жаңа усыллары енгизилмекте. Ҳәр бир мәмлекет жеке меншик ҳәм мәмлекетлик медицина мәкемелерин системалы жаңалаўда, заманагөй медициналық әсбап-үскене ҳәм қураллар менен тәмийинлеўде ғамхорлық етеди.
– Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен елимиз пуқараларының улыўма абаданлығы жолында денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў ҳәм беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта,-деди Н.Ҳайитбоева. – Пандемия дәўиринде наўқаслар ушын қосымша орынлар жаратыў ҳәм тийисли инфраструктура менен тәмийинлеў бойынша қыстаўлы илажлар көрилип, көплеген мәкемелер емлеўханаларға айландырылды. Тараў қәнигелери көргизбе денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў, ең жаңа медициналық әсбап-үскенелер ҳәм технологиялар менен танысыўда үлкен әҳмийетке ийе екенин тастыйықлап келмекте. Ҳәр жылы көргизбе майданы өз шеңберинде ислеп шығарыўшылар, жеткерип бериўшилер, дилерлер ҳәм шыпакерлерди медицина тараўындағы ең соңғы жаңалықлар, медициналық операциялар ҳәм алдыңғы технологияларды додалаў ушын бирлестиреди.
Көргизебеде турақлы қатнасыўшылар қатарында 40 компания биринши мәрте қатнаспақта. Сондай-ақ, Германияның 5, Россия ҳәм Беларусь сыяқлы мәмлекетлер компаниялары химия, медицина мәкемелери ушын үскенелер, дәри қураллары ҳәм биологиялық актив қосымшалар, дәри-дармақлар, медицина мебельлери, протез-ортопедия үскенелери, операция столлары сыяқлы өнимлерин көрсетпекте.
– Германияның «Dreager» компаниясы 1889-жылдан баслап медициналық үскенелер ислеп шығарады. Компанияның елимиздеги рәсмий дистрибьюторы 1996-жылы ашылған. Биз қарыйдарларға бул компанияның хирургиялық операциясы, жасалма дем алыў аппаратларын жеткерип беремиз. Бүгинги көргизбеден әмелий нәтийжелер күтип атырмыз,-деди компанияның дистрибьютор ўәкили Исломбек Ҳасанбоев.
Халықаралық көргизбе шеңберинде «Денсаўлықты сақлаўда заманагөй технологиялар» темасында илимий-әмелий семинарлар өткериледи.
Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,
ӨзАның хабаршысы