Ҳүкимет қарары менен жол ҳәрекети қағыйдалары тастыйықланды. Оған бола:

– елатлы пунктлерде транспорт қуралларының тезлигин саатына 70 километрден, мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң әтирапындағы жолларда 300 метрге шекемги аралықта 30 километрден, турақ жай массивлери ҳәм жанындағы аймақларда (турақ жай имаратлары арасындағы жер участкасында) болса саатына 20 километрден артпастан ҳәрекетлениўге рухсат етиледи.

Онда Президенттиң 2022-жыл 4-апрельдеги қарары менен шөлкемлестирилген Жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўындағы республикалық комиссияның қарары тийкарында Ташкент ҳәм Нөкис қалалары ҳәм ўәлаятлар орайларындағы жол ҳәрекети қатнаўы жоқары болған ҳәм халық көп болған аймақларда транспорт қураллары ҳәрекетлениўиниң жоқары тезлиги саатына 60 километр етип белгилениўи мүмкин;

– жеңил автомобильлерде жүк тасыўға олардың төбесине орнатылған жүкханадағы жүктиң бийиклиги 1 метрден (арнаўлы қурылмалар менен беккемленген ҳалда велосипедлерди тасыў буған кирмейди) ҳәм узынлығы автомобильдиң габаритинен 0,5 метрден артпаған жағдайда жол қойылады;

– жүк автомобильлери, Жол ҳәрекети қағыйдаларында белгиленген айырым бийкарлаўлардан тысқары барлық жағдайларда, жолдың тек ғана оң тәрепиндеги қатнаў бөлегинен ҳәрекетлениўи шәрт;

– транспорт қуралларының бурылып алыў орынларында ҳәм оған 30 метр жетпей ямаса өтип тоқтаў қадаған етиледи;

– сутканың қаранғы ўақтында ҳәм жетерли дәрежеде көринбейтуғын шараятта велосипед жолы болмаған ҳалда жолдың қатнаў бөлегинде ҳәрекетленип атырған велосипедшилер нур қайтарыўшы камзолда ямаса нур қайтарыўшы элементлер болған сыртқы кийиминде болыўы шәрт.

Жаңа редакциядағы Жол ҳәрекети қағыйдалары 2022-жыл 1-майдан баслап әмелге киргизиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги