Кеше Испания ҳәм Германияда футбол бойынша Европа Чемпионлар Лигасыныӊ шерек финалынан орын алған еки ойын болып өтти.
Мюнхенде болып өткен дәслепки ушырасыўда «Бавария» Унаи Эмери басқарыўындағы «Вильярреал» ды қабыллады. Қызықлы болып өткен ушырасыўдыӊ 52-минутында Роберт Левандовски есапты ашқан болса, екинши тайм тамамланыўына санаўлы минутлар қалғанда испаниялылар футболшысы Семюел Чуквуэзе «Бавария» дәрўазасын анық нышанға алып, өз командасын ярым финалға алып шықты.
Бул командалардыӊ Испанияда болып өткен дәслепки ойында 1-0 есабында «Вильярреал» пайдасына шешилген еди.
Ал, екинши ойында болса, бул кубокти еӊ көп қолға киргизген Мадридтиӊ «Реал» клубы әмелдеги жеӊимпаз Лондонныӊ «Челси» командасы менен ушырасты.
Оғада қызықлы болып өткен ушырасыўдыӊ 15-минутында «Челси» футболшысы Мэсон Маунт мийманларды есапта алдынға алып шыққан болса, екинши таймныӊ басында Антонио Рюдигер мүйештен узатылған топты басы менен «Реал» дәрўазасына жоллап өз жанкүйерлерин қуўанышға бөледи.
Буннан соӊ 62-минутта «Челси» футболшысы Маркос Алонсо «Челси»дыӊ 3-голын урған еди. Бирақ, гол урылмастан алдын топ Алонсоныӊ қолына тийди деп баҳаланды ҳәм арадағы есап өзгерместен қалды.
75-минутта Тимо Вернер «Реал» қорғаўшыларын избе-из алдап өтип, есапты өз командасы пайдасына шешкендей болған еди. Лекин, Лука Модричтиӊ әжайып узатпасын тоқтатпастан «Челси» дәрўазасына жоллаған Родриго ойынныӊ экстра-таймларға созылыўына себепши болды.
Бул гол экстра-таймларда «Реал» футболшыларыныӊ руўхын көтерип жиберди ҳәм Кәрим Бензема 96-минутта басы менен гол урып, Карло Анчелотти шәкиртлерин қуўанышқа бөледи.
Солай етип еки ойын нәтийжесине бола «Реал» клубы 5-4 есабында жеӊиске ерисип, ярым финалға жолламаны қолға киргизди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы