ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги менен биргеликте «Туризмди үгит-нәсиятлаў ҳәм раўажландырыў айлығы» шеңберинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессор-оқытыўшылары, экономика факультетиниң туризм қәнигелиги студентлериниң қатнасыўында дөгерек сәўбети өткерилди.
Онда ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары Қ.Әжибаев, Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас объектлери министрлигиниң бас қәнигеси Г.Шныкеева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, республикамызда туризмди үгит-нәсиятлаў, тараўға енгизилген жаңа жойбарлар бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда Қарақалпақстанға туристлердиң келиў динамикасы өсип бармақта. Мәселен, 2018-жылы 347 мың жергиликли, 82 мың басқа мәмлекетлерден, 2019-жылы 551 мың жергиликли, 100,4 мың басқа мәмлекетлерден, 2020-жылы пандемия себепли 40 мың жергиликли, 3 мың басқа мәмлекетлерден, ал 2021-жылы 284,4 мың жергиликли, 24,6 мың басқа мәмлекетлерден туристлер келди.
Сондай-ақ, 2018-жылы аймақта тек ғана 27 жайластырыў орынлары (соннан 24 мийманхана ҳәм 3 қара үй лагерьлери) ҳәм 7 туроператор жумыс ислеген болса, бүгинги күнде жайластырыў орынларының саны 81 ге (соннан 34 мийманхана, 14 хостел, 33 мийман үйлери), туроператор субъектлери 39 ға, туризм класына киретуғын автобуслар 20 ға, микроавтобуслар 11 ге, жол таңламайтуғын транспортлар 37 ге, квадроцикльлер 14 ке, гид-экскурсоводлар 25 ке жеткерилди.
– Туризм тараўы дүнья экономикасының ең тез пәт пенен раўажланып атырған тараўларының бири болып есапланады,-дейди Қ.Әжибаев. – Оның кең түрде раўажланыўы болса, көплеген мәмлекетлер ушын дәрамат дәрегине айланбақта.
Сонлықтан да, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының 2020-2024-жылларға мөлшерленген Сайлаўалды бағдарламасында туризм тараўын миллий экономиканың стратегиялық тармағы сыпатындағы ролин күшейтиў, мәмлекеттиң унамлы имиджин туризм мүмкиншиликлери, тарийхы ҳәм мәдениятын дүньяға көрсетиў арқалы арттырыў тийкарғы ўазыйпалардың бири сыпатында белгилеп алынған. Соннан келип шыққан ҳалда ҳәр жылы апрель айы «Туризмди үгит-нәсиятлаў ҳәм раўажландырыў айлығы» етип белгиленген.
Дөгерек сәўбетинде студент-жаслар да тараўға байланыслы айырым мәселелер бойынша өз пикир-усынысларын билдирип, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги