Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлими тәрепинен уллы сөз зергери Әжинияз Қосыбай улының 198 жыллығына бағышланған  «Бул дүньяның көрки – адам баласы» атамасында поэзия фестивалы өткерилди.

Фестивальға Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзалары, жас қәлемкеш дөретиўшилер ҳәм мектеп оқыўшылары қатнасты.

Әдебий кешеде Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының жуўаплы хаткери Б.Ерназаров, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлиминиң баслығы Қ.Нуратдинов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, уллы классик шайырымыз Әжинияз  Қосыбай улының  өмири, әдебий  мийрасы, өлмес   шығармалары ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, Әжинияз Қосыбай улының бийбаҳа шығармалары бойынша илимий-изертлеў жумыслары алып барылып,  елимиздиң илим пидайылары тәрепинен монографиялар жазылып, оның дөретиўшилигин үйрениў жумыслары бүгинги күнде де даўам етпекте.

Фестиваль елимиздиң белгили шайыр-жазыўшылары ҳәм жас қәлемкешлердиң әдебий мушайрасы менен даўам етти. Олар өзлериниң жазған қосықларын жыйналғанларға оқып берип, өз-ара пикир алысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери