Усы жылдың 11-апрель күни саат 12:05 лер шамасында Нөкис қаласы Бестөбе жол-патруль хызмети орнында инспектор Қ.Нызаматдинов хызмет ўазыйпасын атқарып атырған ўақытта «Cobalt» маркалы автотранспорт қуралын тоқтатып, тексереди.

ЖПХ инспекторы транспорт басқарыўшысынан тийисли ҳүжжетлерди сорап, планшет қурылмасы жәрдеминде тексерип көргенинде усы автотранспорт қуралы излеўге берилгенлиги анықланады.

ҚР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, автотранспорт қуралы тийисли ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, ўақытша жәрийма майданшасына қойылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.