Нөкисте Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды тәрепинен Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийетиниң «Орайлық Азияда ҳуқықый мәмлекетшиликти раўажландырыў» регионаллық бағдарламасы (GIZ) тийкарында «Өзбекстан Республикасында Ҳәкимшилик судының жумысларын жүргизиўдиң әҳмийетли мәселелери» темасында семинар болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының судьялары менен суд хызметкерлери қатнасты.

Семинарда қатнасқан сырт елли экспертлер, Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийетиниң Өзбекстан ҳәм Қазақстандағы ўәкилханасының басшысы,Берлин қаласы Ҳәкимшилик судының судьясы Йорг Пуделька, «Орайлық Азияда ҳуқықый мәмлекетшиликти раўажландырыў» жойбарының Тәжикстандағы басшысы Фолькер Штампе, GIZ жойбарының Қазақстандағы миллий координаторы Алмат Габбасов ҳәм басқалар, ҳәкимшилик судының жумысларын жүргизиўдиң әҳмийетли мәселелерине тоқтап өтти.

Онда тийкарынан, ҳәкимшилик ис жүргизиўде иске байланыслы жеткерилген зыянды өндириў ҳуқықы, Өзбекстан Республикасында Ҳәкимшилик суды ислерин жүргизиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм жетилистириў перспективалары додаланды. Сондай-ақ, ҳәкимшилик ис жүргизиўде судтың белсенди роли принципи, Германияда ҳәкимшилик ис жүргизиўди тартыссыз жуўмақлаў мәселелери ҳаққында пикир-усыныслар билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги