Қарақалпақстан радиосына – 90 жыл
(Қарақалпақстан халық жазыўшысы Хожабек Сейтовтыӊ «Өмир соқпақлары» мемуарлық шығармасынан)
Мен Тахтакөпир районында ўәкилликте жүргенимде радиодан ақырған ешектиӊ даўысы еситилди. Буны еситип төбе шашым тикке турды. Ол ўақытлары, Сабыр Камалов айтқандай бизлер обкомпартияныӊ ўәкиллиги менен бир айға дейин жиберилген районнан рухсатсыз қайта алмайтуғын едик. Гейде бир ай, оннан да көбирек районда жүрип үйимизге қайтып келген дәслепки күнлери бир-еки жасар балаларымыз бизлерди дурыслап танымай қалатуғын еди.
Радиоеситтириўде қолайсыз жағдайды еситкеннен кейин қайтыўға рухсат алайын деп Шымбай районында жүрген Н.Жапақовқа телефоннан қоӊыраў қағып сөйлестим. Ол мени дәлкеклеп «радио еситтириўинде ийтлер үретуғын, ешеклер ақыратуғын болыпты. Не ушын олай?» деди.
-Себебин билиў ушын командировкадан қайтыўға рухсат етиӊ?-дедим.
-Мен обком партияның қарарын буза алмайман.-Биринши секретарь менен сөйлесип рухсат алып берсеӊиз қәйтеди?
-Өзиӊиз сөйлесиӊ,-деди де трубканы жаўып таслады.
Мен не ислеримди билмедим. Ойландым: «Қайтпасам болмас»,-деген пикирге келдим. Түнлетип Нөкиске қайттым. Ҳәмме жатып уйқылап қалса керек, шыралар өшкен. Жақты жоқ, қапы жабық, тартсам ашылмады. Қапыныӊ тарсылдысынан ҳеш ким оянбады. Айнаны қақтым. Көкиреги сырылдап, жөтелип 80 жасқа тақалған анамныӊ «Кимсеӊ?» деген даўысы еситилди. «Мен» деп едим, даўысымды таныды. Шыра жағылды. Үйге кириўден-ақ онша мәниси болмай келгенимди адам аӊғарса керек. Бетиме жалт-жалт қарады.
-Айнанайын қарағым, неге түнлетип келдиӊ, бир жериӊ аўырып қайтпадыӊ ба?-деди аянышлы даўыс пенен.
-Яқ, яқ…
-Онда неге қапалаўсаӊ, биреўдиӊ сөзи тийди ме, бунша түнерип не болды қарағым, деген анамныӊ даўсын еситип оянған қосласым Улман:
-Радиосынан ешекти ақыртып, ийтлерди үрдирип атырған адам түнермей ким түнереди,-деп шай-пай қайнатыўға айланысып атырып нықыртып илип сөйледи.
-Шай ишпеймен!-деп ашыўланып қатты бақырып сөйлегенимди сезбей қалдым.
-Ишпесең берекет тап, деп гүбирленип сөйленди де орнына барып жатты.
Бүгинги таӊ бүлген таӊ дегендей орныма барып жатқан менен болмады. Әри аўнап, бери аўнап уйқым келмеди. Шыра жақтым. Столдыӊ үстинде турған Бердақ шайырдыӊ қосықлар топламынын алып оқып отырып көзимниӊ илингенин билмей қалыппан. Азанда жумысға барсам Жолдас Сейтназаров мениӊ орнымда отыр екен. Түргелип өзиниӊ орынлығына отырып атырып шақалақлап күлди. Неге күлесиз, деп ҳәкисленип илип сөйледим.
-Күлмей жылаймыз ба?-деп ол да ҳәкисленди.
-Жылаў керек!-дедим.
-Не ушын?
-Студияӊда ешек ақырғанға күлип атырсаӊ ба?
-Аўа, соған сениӊ қапа болып келгениӊди сезип күлип атырман.
-Енди ийтлерди де радиодан үргизерсеӊ?!
-Мүмкин. Студияныӊ қапылары жырық-жырық, айналарында да саӊлақлар бар екен. Кеше НКВД дан адамлардан келип тексерип, соларды тапты. Мени қата-қайта шақырып, сораўға тутты.
-Не деп жуўап бердиӊ?
-Ешек ақырған сиясий қәте емес, керекли жеринде ешекти де ақыртамыз, ийтлерди де үрдиремиз,-дедим.
– Мине сиясий соқырлар! – деп ол аўзына не келсе, соны айта баслады.
– Жолдас, өйтип бизди айыплай бермең. Бул Ташкенттен берилип атырған Хожанасриддинге арналған еситтириў. Жақсылап тыңлаң, Хожанасирддинди ешеги менен сөйлестирип, ешегин ақыртып атыр, деп пәтлениӊкиреп сөйледим. НКВД ныӊ тергеўшиси зейин қойып тыӊлап-Ол жақта да ақмақлар бар екенғой, оларды жуўапқа тартыў ушын Ташкентке хат жазамыз,-деди.
-Енди сени шақырыўы мүмкин,-деп мени қорқытпақшы болып, тымсырайып отырып алды.
Мен радиотехник Бродскийди, диктор М.Кожурованы, М. Изимбетовларды шақырып, не ушын сырттағы даўыслардыӊ еситилгенин сорадым.
-Қойлы ғыржекши,-деди Марқа Кожурова-ешегин қапыныӊ аўзына тақап байлапты, мен материал оқып отырып ешектиӊ ақырғанын аӊғармадым.
-Мен еситтим де, жуўырып барып ешектиӊ жибин шешип, узақ жерге, анаў жолдыӊ бойындағы столбаға апарып байладым,-деди радиотехник Бродский.
-Айна, қапыларда тесик барма?- деп сорадым олардан.
-Кеше бир жигит келип тексерип жүр еди. Биреўлер қастыянлық етип, бир бәле еткен болыўы мүмкин-деген сөз еситилди оныӊ аўзынан.
Түсте үйге келип ойланып отырып, бул жумыстан тезирек қутылмасам болмас дедим ишимнен. Ийнимди зил қаратас басқан киби сиркем суў көтермей отыр едим, анам түр-түсиме қарап тағы-саған не болды қарағым? -деди де қатыққа нан туўрап әкелип, сырлы зеренди алдыма қойды.
-Ҳеш нәрсе ишким де, жегим де келмейди,-дедим бултыйып ашыўлы түрде.
-Қатыққа қатты нан туўрадым, әўеле нанды жеп ал, изинен қатығын иш. Бир жериң шаншып аўырса дәрҳал тәўир болады, қарағым,-деп қоярда қоймай нанды жеўге, кейнинен қатықты ишиўге мәжбүрледи.
«Ананыӊ жаны балада» дегендей далаға кетип баратырып та, қапыны ашып турып та, маған бир қарап шығып кетти. Сол мәҳәлде:
-Гүлзада мама, Хожекеӊ барма?-деген даўыс еситилди. Ибрайым бақсы Пәтуллаевтан басқа адамныӊ «мама» дегенин еситкеним жоқ еди. Соныӊ үйге киятырғанын сөзинен аӊғардым.
-Бар, келебер қарағым,-деди далада жүрген анам.
Қапы шыйық етип ашылды. Ибрайым күлимсиреп кирип келди. Мен орнымнан турып, еки қоллап сәлемлестим. Ол ашық жүзли, сыпайы, бир сөзли, сабырлы адам еди. Меннен әдеўир үлкен болса да қатар-қурбы сыпатында әлпимиз алыса түсетуғын еди. Бирден ашылысып сөйлеспегенимди ол дәрҳал сезди.
-Районнан шаршап келдиӊ бе, я қыстаў жумысыӊ шығып бир жерге кетейин деп отырсаӊ ба? Мен сени келди дегенди еситип, көрип шығайын деп келдим,-деди де кетиўге қайымласып наннан аўыз тийе баслады.
-Мен ҳеш жаққа бармайман аўқат тайын болайын деп тур. Бирге отырып, аўқатланып болғаннан кейин радиокомитетке барып, жасы үлкенлер менен бир мәселе ҳаққында сөйлесежақпан,-дедим.
-Қандай мәселе ҳаққында?
-Радиодан басымыздыӊ аман-саў ўағында қутылажақпан.
-Ә-әй, жақындағы Қойлы ғыржекшиниӊ ешегинен кейинги даўрықтан қорқып жүрмен десеӊши. Несине қорқасаӊ, ондай бола береди. Мен радиокомитетте ислегеннен бери ондай ылайсаӊлы ўақыяныӊ талайын көрип киятырман. Баяғы да Ленинниӊ қайтыс болған күнине арналып материал таярланды. Сол күни диктор аўырып қалып таярланған материалды микрофоннан оқыўды жай редактор Аралбаев Қурбанбайға тапсырды. Себеби, ол дикторлардан да жақсы оқыйтуғын еди. Бурынлары Сталинниӊ жасаған докладларын, жыйналысларда шығып сөйлеген сөзлерин оқытып талай мәртебе сынап көрген соӊ диктор жоқта еситтириўге тийисли материалларды сол оқып жүрди. В.И.Лениннниӊ қайтыс болған күнине бул сапары да өзи оқығысы келип, тилекке қарсы бул ретте ол жаӊылысып, «Ленин қайтыс болған күнге арналаған еситтириўимизди баслаймыз» деўдиӊ орнына «Сталинниӊ өлген күнине арналған еситтириўимизди баслаймыз!» деп дағазалады. Өзи сезип қалып: «Кешириӊлер радио тыӊлаўшы жолдаслар! Сталин емес, Ленин өлди. Оллаҳий Сталин өлген жоқ, аўзыма қум Сталин өлген жоқ, Ленин өлди» деп даўысыныӊ барынша жыламсырап бақырды. Радиотехник микрофонныӊ сөз тартыў линиясын үзип тасламағында ол ўай-ўай салып, бақыра беретуғын еди. Радиокомитетиӊ сол ўақыттағы баслығы Лехин радиотехниктиӊ микрофон сымын үзгенинен хабары жоқ студияға кирип, Аралбаев Қурбанбайдыӊ бир қолы менен аўызын басып, бир қолы менен тамағынан буўып, сестин шығармай далағы сүйреп шығарды.
Лекин ашыў менен оныӊ тәмбисин берип атырғанда обком партиядан, НКВД дан, басқа да Нызам орынларынан адамлар келди. Баслықты да, Қурбанбайды да машинаға салып алып кетти. Қайтып келмейтуғын шығар деўшилер де болды. Ертеӊине екеўиде жумысқа келди. Бундай ўақыялардан аман қутылыў шенде-шен болды.
– Ибеке, айтып отырғаныӊ анектод шығар, дедим де ўа-ҳа-ҳалап күлдим.
Анектод емес, болған ўақыя, инанбасаӊ адамлардан сора. Жапақ бақсы да, Қойлы ғыржекши де радиода ислеген адамлар, солардан сора.
– Бийшаралардыӊ бахты бар екен, дедим.
– Сениӊ ўағыӊда ондай болмағай, әйтеўир нәрседен қорқып отырысыӊ мынаў… ҳе-ҳе-ҳе-деп әдеттегисинше күлди.
-Қудай сақласын, сақ болмасаӊ басыӊа жететуғын жер екен.
-Әлбетте, «сақлықта қорлық жоқ» деген. Сол күни дежурный болатуғын Симанович келмей қалды. Жолдас Сейтназаровты районнан излеп келген бир адам, студияныӊ қапысын билмей ашып жиберген. Ешеги қурғырда сол ўақытта ақыра қойған. Буныӊ бәри де айырым хызметкерлердиӊ өз ўазыйпалы жумысына бийпәрўа қарағанынан болды. Буны жасырыўға болмайды. Аўырыўдыӊ алдын алған жақсы. Бүгин емес ертеӊ ҳәммениӊ басын қосып жыйналысып сөйлесип алайық, иним.
Оныӊ сөзи мақул түсти.
Жыйналысқа таярлық көрилди. Симановичти жақсы сыйлайман. Ески журналист, жақсы жазады. Рус тилинде еситтирилетуғын материалдыӊ бәри дерлик соныӊ қолынан өтеди. Өзине пухта , исине де пухта. Талай мәртебе жақсы ислегени ушын сыйлық та бердик. Оныӊ менен өзим жекке сөйлестим. Өзине шық жуқтырғыс келмеди. Не ушын еситтириў ўақтында дежурныйлыққа келмегенине врачтан справка алыпты… Ол дикторларды айыплады. Не ушын иштен илип отырмағанын айтты. Ал Қойлы ғыржекши қапыныӊ аўызына жақын жерге ҳәрдайым ешегин байлап жүргенин, бурынлары бундай аўҳалдыӊ болмағанын, өзиниӊ радиотехниктиӊ үйине кетип қалғанлықтан, ҳеш нәрседен хабарыныӊ жоғын айтып, буннан былай сақ болармыз, дегенге уқсаған бәне таўып, кеширим сорады. Бәринен, дикторлардан да , радиотехниклерден де жазба түрде түсиник хат алынды.
Жыйналысқа мәселе писирилип қойылды. Солай болса да диктор М. Изимбетов, ғыржекши Қойлы Ахмедов жыйналыста тайғалақлады. Ал, атақлы артистимиз Пәтийма Бекполатова радиокомитеттиӊ басшыларын айыплады. Биз айыбымызды мойынладық. Қ.Ахмедов пенен М.Изимбетовты жумыстан шығарыў бойынша пикиримизди айттық. «Ахмедовты шығарсаӊлар мени де жумыстан шығарыӊлар!» деп Есжан бақсы Қосполатов шағым жасады. Шағымныӊ төркини түсиникли. Ол ғыржексиз қосық айтса гейде сәтсизликке ушырайды. Ал, М.Изимбетов арзасын жазып таярлап келген екен, жумыстан арзасы бойынша босатыўды өтинди. Қ.Ахмедовты сөгис пенен жумыста қалдырыўды, М.Изимбетовтыӊ арзасын қанаатландырыўды көпшилик усынды ҳәм мақул көрди.
Ықшамлап таярлаған:
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.