Усы жылдың 11-апрель күни Минск-Ташкент жөнелиси бойынша HY-710 рейси Ташкент ўақты менен 15:39 да Минск миллий аэропортынан кесте тийкарында авиарейсти әмелге асырыўды баслаған.

«Uzbekistan Airways» АЖ мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, А-320 ҳаўа лайнери Россия ҳаўа аймағында болған ўақытта «Uzbekistan Airways» АЖға, сондай-ақ, Россия ҳәм Белоруссия авиация хызметлери хызметкерлериниң e-mail мәнзиллерине аноним тәризде ҳаўа лайнерине бомба орналастырылғаны ҳаққында мағлыўмат жиберилген.

Ҳаўа лайнериниң жолаўшылары ҳәм экипаж ағзаларының қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде А-320 ҳаўа лайнери командири самолётты тексериў ҳәм көзден өткериў мақсетинде ең жақын Домодедово халықаралық аэропортына қоныўға қарар еткен.

Кейин ала лайнер, жолаўшылар, олардың жүклери жүк ҳәм почта белгиленген тәртипте тексерилген. Солай етип, ҳаўа лайнериниң миналастырылғаны ҳаққындағы мағлыўмат тастыйықланбаған.

«Uzbekistan Airways» авиакомпаниясының Минск-Ташкент жөнелиси бойынша HY-710 рейси бойынша ҳәрекетленген А-320 ҳаўа лайнери бүгин саат 01:26 да Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортына табыслы қоныўды әмелге асырған.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.