Жақында Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминде академияның  Кәсиплик аўқамы, Ҳаял қызлар кеңеси ҳәм Жаслар аўқамлары тәрепинен 9-апрель Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күни мүнәсибети менен «Илимпаз ҳаял-кызлар» таңлаўы өткерилди. 

Онда академияда ислеп, илим менен шуғылланып атырған хызметкерлер, таяныш докторант ҳәм стажёр-изертлеўши ҳаял-кызлар қатнасты. Жарыс катнасыўшылары сәлемнама, 4 тилде халықлар дослығын сәўлелендириў, еркин тема ҳәм қол өнери сыяқлы 4 шәрт бойынша өз-ара беллести.

Жарыстан гөзленген мақсет, илимпаз қызлардың илим менен бирге турмыста да уқыплылығын сынап көриў арқалы оларды хошаметлеўден ибарат. Дәслеп қызлар сәлемнама арқалы өзлерин таныстырыў менен бирге, ҳәзирги ўақытта  өзлери ислеп атырған тема бойынша мағлыўматлар берди.  Сондай-ақ, өзлериниң тигиў пишиўге, сүўрет салыўға  ҳәм басқа да аяқ ойыны сыяқлы ҳәр түрли қәбилетке ийе екенлигин көрсете алды. Әсиресе, 4 тилде халықлар дослығын сәўлелендириў атамасындағы  2-шәртте  қатнасыўшылар өзлериниң шет тиллерин жақсы өзлестиргенликлерин дәлийллеп берди.

Қызғын даўам еткен беллесиўлер  жуўмағында академияның гуманитар илимлери илим-изертлеў институтының әдебият бағдары стажёр-изертлеўшиси Муслима Мамбетниязова 1-орынды. Ҳайўанатлар дүньясы экологиясы киши илимий хызметкери,  биология пәнлери бойынша  философия докторы Сайёра Ешчанова 2-орынды ҳәм Биоорганика лабораториясы 1-курс  докторанты Гулшад Абдирасулиева 3-орынды ийелеп, оларға баҳалы саўғалар тапсырылды. Басқа қатнасыўшылар да түрли номинациялар бойынша сыйлықланды.

Толғанай ЖӘРИМБЕТОВА,

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы

 Қарақалпақстан бөлими Гуманитар илимлери

илим-изертлеў институты докторанты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги