Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 9-апрель—Қарақалпақстан Республикасы Конституциясыныӊ 29 жыллығы сәнеси мүнәсибети менен байрам кешеси өткерилди.

Оны мектеп директоры О.Шерназаров басқарып барды.

Кешеде мектеп директорыныӊ орынбасары Ғ.Досымбетова ҳәм ҳуқықтаныў пәни муғаллими Р.Палжановлар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлады ҳәм Конституцияныӊ халқымыз турмысында тутқан орны, сол тийкарда ислеп шығылып атырған жаӊа нызамлар ҳаққында кеӊ түрде айтып берди.

Илаж соӊында мектеп оқыўшылары Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы бойынша баянатшыларға сораўлар берип оған тийисли жуўап алды.

Р.Палжанов,

Нөкис районындағы 18-санлы мектептиӊ муғаллими.

Қарақалпақстан хабар агентлиги