Мәлим етилиўинше, 1-майдан баслап бақлаў кеңеси ағзаларынан ибарат бир қатар комитетлер – Стратегия ҳәм инвестициялар комитети, Аудит комитети, Тайынлаўлар ҳәм ҳақы төлеў комитети, Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм этика комитети дүзиледи.

Бул ҳаққында президенттиң «Исбилерменлик орталығын жақсылаў ҳәм жеке меншик секторды раўажландырыў арқалы турақлы экономикалық өсиў ушын шараятлар жаратыў бағдарындағы гезектеги реформалар ҳаққында»ғы пәрманында айтылған.

Сондай-ақ, пәрманға муўапық мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан аслам болған хожалық жәмийетлери ҳәм мәмлекетлик унитар кәрханалары басқарыў уйымларының жумыс нәтийжелилигин, жуўапкершилигин арттырыў мақсетинде 2022-жыл 1-апрельден кейин атқарыў уйымының басшысы сыпатында тайынланған (қайта тайынланған) шахс избе-из еки мүддеттен атқарыў уйымының басшысы болыўы мүмкин емес екени белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги