АҚШтың халықаралық раўажланыў агентлиги(USAID)ниң  Агробизнести раўажландырыў жойбары тәрепинен Балықшылық илимий орайы, «Өзбекбалықсанаат» бирлеспеси, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар  институты менен биргеликте «Балықшылық тийкарлары-жойбарларды режелестириў ҳәм турмысқа енгизиў» атамасында тренинг шөлкемлестирилди.

Елимиз басшысының усы жыл 13-январьдағы   «Балықшылық тараўын буннан былай да раўажландырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарында республикамызда балықшылық тараўын қоллап-қуўатлаў, балықшылық ҳәм балық аўлаўшы хожалықлар  жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, тараўға жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланған ҳалда интенсив технологияларды кеңнен енгизиў бойынша балықшылық жойбарын қәлиплестириў тапсырмасы берилген еди. Қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Өзбекбалықсанаат» бирлеспеси USAID тың Агробизнести раўажландырыў жойбары шеңберинде бирге ислесиў тийкарында аймақларда бир қатар тренинглер өткериў режелестирилген.

Үш күн даўам еткен тренингте балықшылық кәрханалары, жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары қатнасты. Илажлар Хорезм ўәлаятындағы «Уммон балық», республикамыздағы «Антиқа» ҳәм «Қарақалпақсанаат» балықшылық хожалықларында тараў қәнигелери, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты, Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студент-жасларының қатнасында болды. Тренинг соңында жойбар қәнигелери менен әмелий усыныслар бериў ҳәм бирге ислесиў мақсетинде Хорезм ўәлаятында ҳәм республикамыз аймағында жумыс алып барып атырған бир қатар балықшылық хожалықлары менен танысты ҳәм олардың талабы үйренилди.

Атап өтилгениндей, Арал теңизиниң қурыўы ақыбетинде жүзеге келген экологиялық ҳәм экономикалық машқалалардан жергиликли халық жәбир көрмекте. Суў там-тарыслығы, топырақтың шорланыў дәрежесиниң жоқарылығы, қум боранларының аўыл хожалығы тараўына унамсыз тәсир етиўи нәтийжесинде халық дәраматының жаңа дәреклерине талап сезилмекте.

Бес жылға мөлшерленген биргеликтеги ҳәрекетлер елимизде ислеп шығарылған өнимлердиң қосымша қун көрсеткишин арттырыў, ҳаял-қызларды ҳәм жасларды кеңирек қамтыў, билимлендириў мәкемелериниң жумысын жеке сектор талапларына бейимлестириў, аўыл хожалығы ушын әҳмийетли қарарлар қабыл етиў ҳәм оны турмысқа енгизиўге көмеклесиўге қаратылған.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери