Усы жыл 9-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 29 жыллығына бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.

Оған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары, министрликлер, мәкеме ҳәм кәрханалардың, оқыў орынларының, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, студент-жаслар, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашып, жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 29 жыллығы байрамы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Конституция-бул миллий ҳуқық системасының тийкарын қураў менен бирге, инсанлардың ҳуқықлары менен еркинлигин белгилеўде әҳмийетли ҳүжжет болып табылады.

Елимиздиң ғәрезсиз раўажланыў басқышларына нәзер таслар екенбиз, әлбетте жәмийетлик-сиясий турмысымызда жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўлар, социаллық-экономикалық тараўларда ерисилип атырған нәтийжелер-Тийкарғы Нызамымыз жаратып берген имканиятлардың нәтийжеси болып табылады.

Усы жерде соны да атап өтиўимиз керек, елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында узақты гөзлеген мәмлекетлик сиясат, ислеп шығылған нызамлар, Қарақалпақстан бойынша қабыл етилген қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалар турмысымызда айрықша орын ийелейди.

Салтанатлы мәжилисте Өзбекстан халық жазыўшысы Кеңесбай Каримов байрамға бағышланған қосығын оқыды. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 3-курс студенти Шаҳзодбек Мирзакаримов тийкарғы Нызамымызда жаслардың билим алыўы, олардың өз қәбилетлерин көрсетиўлери ушын жаратылған шараятларға тоқтап өтти ҳәм гүллән жаслар атынан байрам менен қутлықлады.

Илаж көркем өнер шеберлериниң байрам концерти бағдарламасы менен жуўмақланды.

Cалтанатлы мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери