USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫ ҲӘР ТӘРЕПЛЕМЕ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ БӘРҚУЛЛА ДЫҚҚАТ-ИТИБАРЫМЫЗ ОРАЙЫНДА БОЛАДЫ

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 7-февраль күни ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти.

Елимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, экономикалық, социаллық ҳәм сиясий белсендилигин арттырыў мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдары сыпатында белгиленген.

Өткен жыллар даўамында бул бағдарда белгили бир жумыслар әмелге асырылған. Бирақ, усы ўақытқа шекем ҳаял-қызлардың мәплерин әмелге асырыў бойынша нәтийжели механизм жаратылмаған.

Ҳаял-қызлар комитети, мәҳәлле ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлер жыллар даўамында тек ғана ҳәр қыйлы илажлар ҳәм мәжилислер өткериў менен шекленип, социаллық жағдайы аўыр шаңарақлар, ҳаяллар менен жас қызларға шын мәнисиндеги жәрдем бериў бойынша нәтийжели жумыс алып бармаған. Соның ақыбетинде орынларда көплеген мәселелер жыйналып қалған, олардың шешими бойынша анық мәнзилли жумыслар әмелге асырылмаған.

Өткен жылы жәмийетлик қадағалаў топарлары шөлкемлестирилип, ҳаял-қызлар турмысындағы машқалалар үйренилди. 2017-жылы жәми 5 милллионнан аслам шаңараққа кирип барылып, шаңарақлар тәрепинен көтерилген мәселелерди шешиў илажлары көрилди. Соның ишинде, 22 мың шаңарақ ажырасып кетиўиниң алды алынды, 36 мың ҳаял-қыз жумысқа орналастырылды, 14,5 мың ўатанласымызға жеңилликли кредит алыўға жәрдем берилди.

Мәжилисте атап өтилгениндей, бул шаңарақлардың абаданлығын тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли жумыслардың бир бөлеги ғана, еле бул бағдарда әмелге асырыў зәрүр болған бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар тур.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы усы мақсетте қабыл етилди.

Ҳаял-қызларға итибар барлық ўақытта ис-ҳәрекетлеримиздиң орайында болыўы, бәршемиздиң ўазыйпамызға айланыўы керек, деди мәмлекетимиз басшысы. Шаңараққа итибар негизинде бул өзлигимизге итибар дегени.

Мәжилисте ҳаял-қызлар комитетлериниң жумысы қанаатландырарсыз екени, аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға жәрдем бериў, ерте некелердиң, ажырасыўлардың ҳәм ҳаяллар жынаятшылығының алдын алыўға толық итибар берилмегени атап өтилди.

Соңғы жылларда ажырасыўлардың саны ҳәр жылы 10-11 процентке артып барғаны тәшўишли жағдай. 2017-жылы 31 мыңнан аслам ажырасыў жағдайы бақланған. Соның ақыбетинде, тийкарынан, ҳаяллар менен балалар жәбир көрмекте. Ҳаял-қызлардың арасында жынаятқа қол урыў жағдайлары көп ушыраспақта.

Президентимиздиң жоқарыда келтирилген пәрманында усы сыяқлы машқалаларды шешиў, ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар илажлар белгиленди. Республикалық, ўәлаятлық, қалалық ҳәм районлық ҳаял-қызлар комитетлериниң структурасы түп-тийкарынан жетилистирилди. Барлық мәкан пуқаралар жыйынларында ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда руўхый-әдеп-икрамлылық қәдриятларды беккемлеў бойынша қәниге лаўазымы енгизилди.

Министрлер Кабинети жанында «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы ҳәм оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилип, анық ўазыйпалары, статусы белгилеп берилди.

Пуқаралық жағдайлары актлерин жазыў уйымының жумысын муўапықластырыў район ҳәкиминиң орынбасары – ҳаял-қызлар комитетине жүкленди. Усы арқалы орынлардағы ҳаял-қызлар мәселелери бойынша ҳәким орынбасарларының ҳәм Республикалық комитеттиң имканияты менен тәсири күшейтилди.

Аналар менен нәрестелер өлиминиң бақланып атырғаны, майыплығы болған балалар туўылып атырғаны – ҳаял-қызлардың репродуктивлик саламатлығын тәмийинлеў бойынша жумыслар улыўма қанаатландырарсыз екенин көрсетпекте. Ҳәр жылы 95 процент ҳәмиледар ҳаяллар перинатал скрининг тексериўинен өткерилсе де, оның нәтийжеси әмелде сезилмей атыр. Сонлықтан шаңарақлық поликлиникаларда ҳәм аўыллық шыпакерлик пунктлеринде «ҳаяллар мәсләҳәтханалары»ның шөлкемлестирилиўи белгиленди.

Республикалық комиссия ҳәм 7 жумысшы топар шөлкемлестирилип, бул бағдардағы жумыслардың орынланыўы Өзбекистан Республикасы Бас министрине жүкленди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев елимиз ҳаял-қызларының турмыслық әҳмийетли мәплерин тәмийинлеў, турмыс шараятларын ҳәр тәреплеме жақсылаў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп берди.

Тапсырмаларға муўапық, Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитетиниң барлық буўынларындағы басшыларының жумысы сын көзқарастан үйренилип, өз ўазыйпасына ылайық болмаған кадрлар өзгертиледи.

Аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳәм майыплығы болған ҳаял-қызлардың мәнзилли дизими қәлиплестирилип, олар менен жеке тәртипте ислесиў системасы енгизиледи.

«Шаңарақ» орайы ҳәм Ҳаял-қызлар комитети тәрепинен Шаңарақ институтын беккемлеў концепциясы жойбары ислеп шығылады.

Судлар тәрепинен қарарлар қабыл етилип атырғанда, биринши гезекте, ажырасыўлардың алдын алыў, усы процессте ҳаяллар менен балалардың мәплерин қорғаў, әсиресе, оларды турақ жай менен тәмийинлеўге қаратылған илажлар көриў бойынша усыныслар ислеп шығылады.

Орынлардағы пуқаралық жағдайлары актлерин жазыў уйымларының жумысы сын көзқарастан үйренилип, оларға өз ўазыйпасының мазмун-мәнисин түсинетуғын, әдил, шаңарақлық қәдриятларымызды ҳүрмет ететуғын, профессионал кадрлар тайынланады.

Жумыс ислеў тилегинде болған ҳаял-қызлардың мәнзилли дизимлери жетилистирилип, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, ҳаялларды шаңарақлық ҳәм жеке исбилерменликке, өнерментшиликке тартыў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылады.

Ҳаял-қызлар арасында ҳуқықбузарлықлардың  алдын алыў мақсетиде ҳәр бир мәҳәлле кесиминде жумыс алып барылады. Жазаны өтеў мәкемелеринен азат етилген, сондай-ақ, өткен жылы арнаўлы дизимнен шығарылған 2 мың 587 диний ағым ағзасы болған ҳаял-қызлардың турмыста өз орнын табыўына, социаллық машқалаларын шешиўге айрықша итибар қаратылады. Ҳаял-қызлардың медициналық мәдениятын арттырыў, кем тәмийинленген шаңарақларға мәнзилли медициналық жәрдем көрсетиў, республикалық скрининг ҳәм репродуктивлик орайларының хызметлерин буннан былай да раўажландырыў бойынша да системалы жумыслар әмелге асырылады.

Мәжилисте тараўда алып барылып атырған жумыслар бойынша жуўапкер адамлардың есаплары таңланды. Келешектеги әҳмийетли ўазыйпалары бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

ӨзА