Шымбай районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде  9-апрель- Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниӊ 29 жыллық сәнесине бағышланған ушырасыў кешеси болып өтти.

Кешени мектеп директоры Ж.Алиева басқарып барды.

Онда Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Шымбай районлық бөлими баслығы Қ.Мамбеткаримов,  Дин ислери бойынша комитети районлық бөлиминиӊ бас қәнигеси М.Бердимуратовлар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын  Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниӊ 29 жыллық сәнеси менен қутлықлап, Бас Нызамымыздыӊ республикамыз халқы турмысындағы тутқан орны ҳәм атқаратуғын хызметлери ҳаққында кеӊ түрде түсиниклер берди.

Ушырасыўда мектеп оқыўшылары Конституцияға киргизилген жаӊа өзгерислер туўралы өзлерин қызықтырған сораўларын берип, оларға тийисли жуўаплар алды.

Феруза Саттарова,

Шымбай районлық ХББ ға қараслы 17-санлы мектеп оқыўшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги