(Жазыўшы Марат Қарабаев пенен сәўбетлеринен)
Гезектеги сабағымызды алайық деп Есжан устазымыздыӊ үйине барып отырғанымызда, үйине жүдә бир қәдирли мийманлар келип қалды. Аббаз шайыр, Садық шайыр, Қыяс жыраў, солардыӊ ишинде Қазы Мәўлик те бар еди. Мени қызықтырған Қазы Мәўлик болып, оныӊ атын еситетуғын едим, бирақ өлип қалған шығар деп ойлайтуғын едим.
Далада қазанныӊ қасында хызмет етип жүрген жеримнен бир ўақытлары мени ишке шақыртты.
-Шәкиртлеримниӊ еӊ генжетайы, аты да Генжебай. Усы балама бир қосық айттырып берейин,-деди Есжан аға мийманларына қарап.
-Қәне, балам, мен еди «бақсы тыӊлайық» деп соратып атырған,-деди Қазы Мәўлик,-билген дәстаныӊнан бир-еки қосық айтып бер.
Жүрегим шәўкилдеп, алып-ушып баратыр. Дуўтарымды сәл сазладым да, «Саятхан-Ҳәмра»дан «Оян» муҳаллесине бир қосық айтып бердим. Жасыратуғыны жоқ, отырған ақсақаллардан, әсиресе, Қазы Мәўликтен бир марапат күтип отырман. Қосы3ты жүдә уйып тыӊлап отырды да, расында да Қазы Мәўлик сөз баслады:
-Балам, айтыўыӊныӊ кемиси жоқ, лапызыӊ бәлент екен. Лекин сөзлериӊ әрре-тәрре ғой,-деди сәл мыйық тартып.-Бир сәтири «Зуҳра-Тайыр»дан, екиншиси Мақтымқулыдан. Оныӊ ишинде «Саятхан-Ҳәмра-Тайыр»дан, екиншиси Мақтымқулыдан. Оныӊ ишинде «Саятхан-Ҳәмрадан» да жоқ емес.
-Бала пышық мияўлаўды билген менен мыррыўлаўды билмей жүрген-дә,-деди Аббаз аға да гәп қосып. Бул сөзлер мени мектеп муғаллиминиӊ алдында сабағын билмеген оқыўшыдай етти. Өзимниӊ қосықтыӊ сөзлерине итибар бермей жүргенлигим қатты қысындырды.
-Бала бақсыда айып жоқ,-деди Садық шайыр мениӊ қулағымныӊ ушына шекем қызарғанын аӊлап,-айып устазында. Оны өзгертип айтайын десе устазы «сөзин бузба» деп қулағынан бурайды ақыры.-Бул сөзге отырғанлар да бир күлисип алды.
Расында да айып өзимде ғой. Еӊ биринши ядлаған дәстаным еди. Соннан баслап, басқа қосық қатарларынан да қәўипсинип, ол дәстаннан қосық айтпайтуғын болдым.
-Сол сапары Қазы мәўликтен басқа ҳештеӊе есите алмадыӊыз ба?-дедим, репрессия жылларынан бизге естеликтей болып жеткен өз заманыныӊ алық шайыры ҳәм саўатлы адамы болған Қазы Мәўлик туўралы тағы еситким келип.
-Балам, енди қасымызда отырып, суҳбатымыздыӊ арасында бола ғой,-деди Есжан ағаға қарап:
-Қәне, бақсылардыӊ устазы, «Сәнемниӊ көшкиден бойын таслаған» жеринен айтып жибер, соған шекем жағал ешкиниӊ гөши де писип қалар,-деди.
Мен устаздыӊ дәстан айтатуғынынан ҳеш хабарым жоқ еди. Себеби, еситпеген едим. Ол дуўтарын алды да «Ғәрип ашық»тан айта баслады.
Оныӊ қосық айтыўы өзгеше еди-аў, жипектиӊ желпилдеўиндей ҳеш азарсыз, бадабатсыз, сыбызғыдай сызылып, адамныӊ тулабойын елжиретип сала береди. Деген менен бизиӊ устазымыз да Қазы Мәўликтиӊ қырағы нәзеринен тыс қалмады. Себеби, қосығына келгенде суўға жиберген балықтай ойнап кете берсе, ал насырына келгенде «имм», «аўа» деп иркиле берди.
-Пай, әттегене-ай, Есжан, насырын умыта қойыпсаӊ-аў. Дәстанныӊ насыры болмаса тәсири болмайды,-деди де, ол қапталындағы турған қоржынынан бир сақтыян қаплы китапты ашып жиберип, саққа жүгинип отырып қыссахан жолына салып былай етип баслап жиберди:
«…Жел ушырған қағаздек, көз ушында келеди. Гәҳи астын, гә үстин, гәҳи мәллен болады. Егленбей түссе ол жерге, онда не жан қалады? Сақламаса яратқан, парра-парра болады. «сақла қәўип-қәтерден, аман жеткер ярымды!»-деп Ғәрип бир ҳаўаға, бир жерге қарап, Сәнем қыздыӊ тилегинде турғанда, әне Сәнемниӊ екки көзинде яш, бағрында таш, көзи ләмли, өзи мыӊ қайғы әлемли, оныӊ ышқында пәшек киби шырмашып, аҳ-уўҳ-деп, аяғын наз билен башып, бир нешше сән-шәўкетлер өзине болып минәсип, Ғәрипке қарай паз-саз билен келе берди»…
Усыны айтып Генжебай аға маған қарады.
-Мен «Ғәрип ашық» дәстаныныӊ түркменше де, өзбекше де, қарақалпақша да бир нешше вариантларын оқып көрдим, бирақ, Сәнемди усы сыпатлаўын гезлестирмедим.
Қарақалпақстан хабар агентлиги