Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Мойнақ районлық Кеңеси тәрепинен «Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 15-санлы «Әдалат» мектепке шекемги бидимдендириў шөлкеминде «Перзентлери саламат журт-қүдиретли болады» сүрени астында ушырасыў болып өтти.

«Бала қуўанышы-әлем қуўанышы» атамасында өткерилген ушырасыўда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Н.Қайыпбергенов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде мектепке шекемги билимлендириў тараўын раўажландырыў, оларда жаратылған шараятлар, балаларды бақшаларға қамтып алыў, бул бағдарда партия тәрепинен әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, тәлим-тәрбия тараўы Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы электорат ўәкиллери есапланып, партия бағдарламасында балалар тәрбиясы бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленген. Усы ўазыйпалардан келип шығып, өткен жыллар даўамында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде тәрбияланыўшыларға көрсетилип атырған медициналық жәрдем, бул жердеги ажыратылған бөлмелердиң медициналық әсбап-үскенелер ҳәм керекли дәри–дәрмақлар менен тәмийинлениў жағдайлары үйренилип, жергиликли Кеңеслердиң сессияларына мәселе етип киргизилип келинбекте.

Илаж даўамында мийманларға тәрбияланыўшы тәрепинен таярланған қосық ҳәм аяқ ойынлар көрсетилген болса, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң тәрепинен тапсырылған ойыншықлар топламы кишкенелерге қуўаныш бағышлады.

Мәмлекетимиз бойлап «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде өткерилип атырған «Әҳмийетли 40 күнлик» илажына үлес қосыў мақсетинде балалар бақшасының әтирапына мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери отырғызылды. Партия атамасы менен аталатуғын мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде ислеўши бир топар хызметкерлер ағзалыққа қабыл етилди ҳәм  бул жерде партияның басланғыш шөлкеми дүзилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы