Мәжилисте мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди әпиўайыластырыў ҳәм көлемин кеңейтиў, мәмлекетлик хызметлер системасын санластырыў арқалы мәҳәлле ҳәм районда қандай өзгерислер болыўы көрип шығылған.

Халыққа мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда қолайлық жаратыў мақсетинде 1-июльден баслап:

– 38 түрдеги мәмлекетлик хызметлер ушын электрон қол таңба менен тастыйықлаў талабы бийкар етилип, мобил телефон арқалы әмелге асырылады (имарат ҳәм объектлердиң сыртқы көринисин өзгертиўди келисиў, бақшаға қабыл етиў ҳәм т.б.);

– 6 түрдеги лицензия алыў ушын талаплар бийкар етиледи;

– халық ҳәм исбилерменлер ушын 8 ден аслам  мәмлекетлик хызмет бойынша электрон хабардар етиў системасы енгизиледи;

– Халықтан ҳәм исбилерменлерден коммуналлық шөлкемлердиң 32 түрдеги ҳүжжет ҳәм мағлаўматнамаларын талап етиў бийкар етиледи;

– Мүтәж шаңарақлардың перзентлери жоқары оқыў орынларына тест сынақларына қатнасыў төлемлеринен азат етиледи (135 мың сум).

Президент келеси жылдың ақырына шекем орайлар арқалы көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиң санын ҳәзирги ўақыттағы 172 ден 300 ге, мобиль қосымша арқалы көрсетилетуғынларын 60 тан 250 ге жеткериў ўазыйпасын қойған.

Соның менен бирге, мәмлекетлик хызметлер орайларын қурыў жумысларына ўәлаят ҳәкимлери жеке жуўапкер етип белгиленген болса да, ҳәзирги ўақытқа шекем 43 орайдың имараты пайдаланыўға тапсырылмағаны, нәтийжеде халық сергиздан болып атырғаны сынға алынды.

Мәселен, Давлатобод, Янгиер, Гүлистан, Бўка, Мирабад, Сергели ҳәм Мырза Улығбек районлары, Гүлистан ҳәм Алмалық қалаларында қурылыс жумыслары улыўма тоқтап қалған.

Ўәлаят ҳәкимлерине 1-сентябрьге шекем мәмлекетлик хызметлер орайларына байланыслы барлық қурылысларды жуўмақлаў тапсырылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги