Қарақалпақстан Республикасындағы Жоқары оқыў орынларында Прокуратура, Суд, Ишки ислер уйымларыныӊ  жуўапкер қәнигелери,  Арқа-Батыс әскерий округи хызметкерлериниӊ тараўға байланыслы баянатларын шөлкемлестириў мақсетинде,  2022-жыл 10-март күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ реже – кестеси тастыйықланған еди.

Усы реже кесте – тийкарында 6-апрель күни Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасыныӊ жуўапкер хызметкерлери қатнасында «Билқастан адам өлтириў жынаятын тергеў усылы» атамасында студент-жаслар менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўды филиалдыӊ Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлиминиӊ баслығы Б.Сабиров алып барды.

Буннан соӊ Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасынан келген қәниге У.Шукуруллаев шығып сөйлеп, бүгинги күни республикамызда бул жынаяттыӊ келип шығыўына тийкарынан нелер себеп болып атырғанлығы ҳәм оныӊ алдын алыў бағдарында ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен әмелге  асырылып атырған жумыслар туўралы илаж қатнасыўшыларына кеӊ түрде түсиниклер берип өтти.

Буннан тысқары билип, билмей ислеген ҳәр қандай майда ҳуқықбузарлықларда жынайый жуўапкершиликке тартыўға тийкар болатуғынлығы мағлыўмат ушын келтирилип өтилди.

Ушырасыў барысында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўлары бойынша мүрәжат етип, тараў қәнигесинен жуўап алды.

Мурат ТИЛЕЎБАЕВ,

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы Баспасөз хаткери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги