Қарақалпақстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Кеӊесиниӊ 2022-жыл 28-февралдағы 01-113-санлы “Жол картасыныӊ 26-бәнтиндеги ўазыйпаларды басшылыққа алып, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис районлық бөлими, районлық Халық билимлендириў бөлими ҳәм Жаслар ислери агентлиги Нөкис районлық бөлиминиӊ қоспа қарары тийкарында  райондағы  улыўма билим бериў мектеплериниӊ 12-16 жас аралығындағы оқыўшыларын қатнасында “Жәҳән маған ҳәўес пенен қарасын!” атамасындағы жас бақсылар таңлаўы болып өткен еди.

Усы жылдыӊ 6-апрель күни усы таӊлаўда белсене қатнасып, онда жеӊимпаз болған оқыўшыларды салтанатлы түрде сыйлықлаў мәресими ҳәм ақмаӊғытлы үгит-нәсиятшылар ҳәм оқыўшылардыӊ туӊғыш китабын таныстырыў кешеси болып өтти.

Онда Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис районлық бөлими баслығы Н. Тойымбетов жеӊимпазларды ҳәм китап авторларын қызғын қутлықлап, оларға арнаўлы диплом ҳәм баҳалы естелик саўғаларын тапсырды.

Буннан соӊ «Ақмаӊғыт илҳамлары» атамасындағы  китапты редакторлап ҳәм басып шығарған «Авангард баспа» баспаханасыныӊ директоры И.Сержанов, прозаик жазыўшы сыпатында көпшиликке танылып киятырған И.Сапаров, «Қарақалпақстан Республикасына мийнет сиӊген мәденият хызметкери», «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист» , шайыр А.Өтениязова, баспа хызметкери У.Назарова, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис районлық бөлими бас қәнигеси С.Хожахметовлар шығып сөйлеп, китапты таярлаў барысы ҳәм оны баспадан шығарыўдағы ушырасқан айырым қыйыншылықлар ҳаққында айтып өтип, илаж қатнасыўшыларын оқыўшы ҳәм үгит-нәсиятшылардыӊ жаӊа дөретпеси менен қызғын қутлықлады.

Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек,  бул жаӊа китап республикамыз бойынша мектеплердеги үгит-нәсиятшылар ҳәм оқыўшылардыӊ көркем дөретпелери жәмленген дәслепки топлам болып табылады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы