Дәслеп депутатлар сессияның  Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Сессия күн тәртибиндеги дәслепки мәселе «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары көрип шығылды. Онда әмелдеги 14 нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў усынылды.

Сондай-ақ, усы Нызам жойбарына муўапық «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳаққында»ғы Нызамының 20-статьясының алтыншы бөлиминдеги комитетлер атамасына тийисли өзгерислер киргизилмекте.

Атап айтқанда, Жоқарғы Кеңесте, әдетте 6 комитет ҳәм бир комиссия дүзилиўи мүмкинлиги ҳаққында сөз етилген. Онда көрсетилген еки комитеттиң атамасы өзгертилмекте ҳәм жаңадан бир комитет дүзилмекте.

Мәселен, Жергиликли ҳәкимияттың ўәкилликли ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик уйымлардың ашықлығын тәмийинлеў мәселелери бойынша комитети дүзилмекте.

Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сессия күн тәртибиндеги кейинги мәселеде Жоқарғы Кеңестиң айырым комитетлериниң атамаларына өзгерислер киргизиўине байланыслы олардың қурамларына да қосымшалар киргизилди.

Бул мәселе бойынша да депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияда жаңадан дүзилген Жоқарғы Кеңестиң Жергиликли ҳәкимияттың ўәкилликли ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик уйымлардың ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитетиниң баслығын сайлаў мәселеси көрип шығылды.

Усы комитеттиң баслығы лаўазымына 48-санлы «Жиңишке» сайлаў округинен депутат Шарапат Өтемисовтың кандидатурасы усыныс етилди.

Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етип, Жоқарғы Кеңестиң Жергиликли ҳәкимияттың ўәкилликли ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик уйымлардың ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитетиниң баслығы етип Шарапат Өтемисов сайланды.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы талапларына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы судының баслығын тайынлаў сессияның гезектеги мәселеси етип қойылды.

Оған муўапық, Судьялар Жоқарғы Кеңесиниң Өзбекстан Республикасы Президенти менен келисилген жуўмағы тийкарында Жоқарғы Кеңес Баслығының усынысына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы лаўазымына Камал Тариховтың кандидатурасы усынылды.

Талабанның өмирбаяны менен танысып шыққан депутатлар Камал Тариховты Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы лаўазымына сайлаў ҳәм оны алдынғы жумыс орнынан босатыў ҳаққында қарар қабыл етти.

Сессия өз жумысын даўам еттирмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги