Арал машқаласы да әллеқашан  Қарақалпақстан, Өзбекстан ҳәм Қазақстанның ғана емес, ал пүткил Орайлық Азия шегарасынан шығып, планетарлық машқалаға айланды. Солай да болса, Арал бойындағы экологиялық жағдайды бир қәлипке келтириў мәселеси менен биринши гезекте Қарақалпақстан, Өзбекстан ҳәм Қазақстан Республикалары шуғылланыўы зәрүр. Ал, Орайлық Азияның басқа республикалары регион көлеминде ҳәм оннан тысқарыда да экология машқаларына түп-тийкарынан жаңа орын ажыратылыўы кереклигин есапқа алған ҳалда, оларға бул мәселеде жәрдем бериўи шәрт.

Тилекке қарсы, Қарақалпақстанның картадағы географиялық орнының өзи сондай, оны жан-жақтан қумлық қоршап тур: шығыста – Қызылқум, батыста  – Қарақум, арқада  –  Қазақстан саҳралары жайласқан. “Үлкемиз тәбияты” фильминде 3200 мың гектар Қызылқум жерлери Қарақалпақстан аймағына тийисли екенлиги айтылған.

Арал жағдайын узақ ўақыт даўамында бақлаў бизиң ол ҳаққында объектив жуўмақ шығарыўымызға мүмкиншилик жаратады. Қарақалпақстан ҳүжжетли фильм дөретиўшилери дус келип атырған тийкарғы машқала – Арал теңизине қуйып атырған суўдың жумсалыў жағдайын анықлап көрип шығыўға ҳәрекет қылайық.

«Пидайылар» фильми басланған ўақытта берилген сахна, бир қарағанда үмитсизликке берилиўди аңлатып, тартыслы характерге де ийе. Фильм қаҳарманларынан бири қумда батып қалған корабльлердиң бирине минип алып, қолларын аспанға көтерип: «Эй, Алла! Аралымды қайтарып бер! Аралыма суў бер!” деп қудайға жалбарынады.  Негизинде буның илажы жоқ екенлигин, енди ҳешким Аралды толтыра алмайтуғынын ҳәмме түсинсе керек. Онда фильмде бул эпизодты бериў керек пе еди? Биз керек деп есаплаймыз. Себеби, бул жалбарыныў сөзлери жүдә тәсирли болып, адамлардың дыққатын ҳәзирги күнде оғада әҳмийетли болып турған мәселеге аўдарыўда үлкен роль ойнайды. Арал мәселеси әйне усындай әҳмийетке ийе ҳәм бул сөзлер суўға үнемлилик пенен қатнаста болыў, яғный, дүньяға жаңа экологиялық көз-қарас қәлиплестириўге қаратылған.

Арал теңизиниң ҳәзирги күндеги жағдайының апатшылық сыпатында баҳаланыўы бийкарға емес. Қарақалпақстан менен Қазақстанның қубла тәрепиндеги аймақлар ушын теңиз қурғаўы ақыбети оғада аўыр болыўы мүмкин. Бәлким бул тап оптимистлик трагедия жанрына сәйкес ҳәдийсе шығар?! Себеби суў халықтың пайдасы, оның абаданшылығы, турмыс дәрежеси жақсыланыўы ушын жумсалды ғой. Бул еки үлкен дәрьяға жақын жайласқан еллердиң халықлары Арал толыўы ушын суўдан ўаз кеше алмас еди. Бул бир шешилиўи қыйын дилемма болды.

Арал бойындағы тәшўишли жағдай, оған айрықша итибар қаратыўды талап етеди ҳәм бул итибар жүзеге келген жағдайды ҳақыйқатында да жақсы тәрепке өзгертиўге тәсир көрсете алатуғындай дәрежеде күшли болыўы керек. Тәбиятты эксплуатациялаў емес, оның менен дос болыў керек.

Тилекке қарсы, Арал теңизи мысалында көргенимиздей, басқарыў структуралары ҳәм кинематографшылар жумысының түпкиликли қайта өзгериўи қыйын екенлиги мәлим болды. Фильм, картина ҳәм гүрриң авторлары көбинесе өзлери дөреткен қаҳарманлар ҳәм эпизодларына үйренисип кетип, олардан ғәрезли болып қалады. Қурып атырған Арал кинематографшыларға күшли тәсир көрсеткени соншелли, олар буның визуаллық шегарасынан шығып, машқалаға жаңа көз-қарас пенен қарай алмай атыр. Кино өзиниң  генетикалық аудио ҳәм видео қәбилетлери себепли адамлардың да, фильм авторларының өзлериниң де психологиясына күшли тәсир етеди. Фильм дөретиўшилери теңиз ҳәм қумлықлар тәбиятына баўыр басып, үйренисип қалады, нәтийжеде тар, шекленген түрде пикирлей баслайды.

Бул социаллық ҳәм психологиялық ғәрезлиликти ҳәм қоршаған әтираптың бундай апатшылыққа ушыраўына көниў сезимлерин жеңиў ушын терең билим, өткир ақыл ҳәм узақ келешекке нәзер таслаў қәбилетлерине ийе болыў керек. Өзбекстан Республикасы Президенти  Шавкат Мирзиёев усындай сийрек ушырасатуғын қәбилетлерге ийе. Президентимиз Арал бойын жаңа өмир контекстинде көре алды. Турмыстың өзинен, реал жағдайлардан келип шығып, ол жумысты Арал теңизи ултанындағы ашық майданларды абаданластырыўдан баслады.

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң «kknews.uz» сайтында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлар аралық изертлеўлер институтының бас илимий хызметкери Нозим Хусановтың мақаласы басылып шықты. Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Арал бойы аймағын реконструкциялаў бойынша тийкарғы басламалары анық ҳәм ықшам түрде баян етилген. Бул деректен тек фактлерди ажыратып алған ҳалда, материалдың тийкарғы аспектлерин өз түсиниклеримиз бенен келтирмекшимиз.

Президент тәрепинен қабыл етилген биринши бағдарламалық ҳүжжетте-ақ, яғный 2017-2021-жылларды Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес баслы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында Арал бойы халқы ушын теңиздиң қурыўы ҳәм ҳаўа райының глобал өзгерислериниң унамсыз ақыбетлерин жумсартыў бойынша системалық илажлар белгиленген еди. 2018-жылдың 18-январында 2017-2021 жылларда регионды раўажландырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарлама  қабыл етилди. Усы 2018 – жылда, Арал бойы аймағын раўажландырыў бойынша арнаўлы фонд дүзилип, оған режелестирилип атырған илажларды қаржыландырыў  ўазыйпасы жүкленди. Қысқа ўақыт ишинде 800 миллион долларлық 67 жойбар әмелге асырылды. Сол жылы, он жыллық үзилистен кейин, Түркменстанда Аралды қутқарыў халықаралық фондының  мәжлиси болып өтти. Өзбекстан Республикасы Президенти атап өткениндей, Фонд Орайлық Азия еллериниң Арал ҳәм Арал бойы мәселелери бойынша өз-ара ҳәрекетлери ушын нәтийжели механизм бола алатуғын компетентли аймақлық шөлкем болып табылады.

Буннан тысқары, 2017-жылы сентябрь айында БМШ Бас ассамблеясы минберинде шығып сөйлеп Президентимиз Ш.Мирзиёев Арал теңизи картасы ҳәм оның трагедиясы масштабын көргизбели түрде ҳәммениң нәзерине усынды. Ол Өзбекстан Республикасы атынан, БМШ ниң Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик тийкарында Траст фондын дүзиў идеясын алға сүрди. Бул фонд 2018-жылы 27-ноябрьде БМШ ниң  Нью-Йорктағы штаб квартирасында иске қосылды. Усы күнге шекем фондқа 26,1 миллион (2019  жылы – 17 миллион, 2020 жылы – 9,1 миллион) доллар муғдарында қаржы келип түсти. Жақын бес жыл ишинде жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, аймақтағы социаллық турмыс ҳәм тәбийғый шәраятларды жақсылаў ушын және 123,2 миллион доллар муғдарында қаржы топлаў нәзерде тутылмақта.

Арал машқаласы ҳәрдайым Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының дыққат орайында болмақта. Ҳәзирге шекем Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басламасы менен еки мәсләҳәт ушырасыўы болып өтти: 2019-жылдың март айында Қазақстан пайтахтында, 2019-жыл ноябрь айында Өзбекстан пайтахтында. Екинши ушырасыў жуўмақлары бойынша биргеликтеги билдириў қабыл етилип, онда жаңа билимлер, инновациялық технологиялар тартыў, сондай-ақ, «жасыл» экономика принциплерин комплексли қолланыў, буннан кейин шөллениўдиң, экологиялық миграцияның алдын алыў ҳәм басқа да илажлар бойынша мәселелерди әмелий шешиўде Аралды қутқарыў халық аралық фонды ҳәм көп шериклик тийкарындағы Траст фонды мүмкиншиликлеринен пайдаланыў нәзерде тутылды.

2019-жыл 24-25-октябрь күнлери Нөкис қаласында БМШ басшылығында «Арал бойы – экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы» деп аталған халық аралық конференция болып өтти. Конференция жумысында БМШ, Жер жүзилик банк, Азия раўажланыў банки, Европа инвестиция банки, Европа реконструкция ҳәм раўажланыў банки, сондай-ақ, көплеген мәмлекетлер ўәкиллери қатнасты. Бул форум ҳәм басқа бир қатар илажлар арқалы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан қысқа ўақыт ишинде зәрүр инвестициялар тартып, Траст фонды жумысын баслаўға еристи.

2020-жылы Олий Мажлис Сенаты қурамында Арал бойын раўажландырыў бойынша комитет дүзилди. Комитеттиң қоллап-қуўатлаўы менен Тахтакөпир районында баҳасы 1,1 миллион доллар болған ишимлик суўын тазалаў ҳәм дузсызландырыў үскенеси қурылды. Соның менен бирге, комитет БМШ ниң билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўларындығы халық аралық бирге ислесиў бойынша арнаўлы шөлкеми – ЮНЕСКО менен сөйлесиўлер алып барды. Бул сөйлесиўлердиң ўазыйпаларынан бири қарақалпақ қара үйлерин материаллық емес мәдений мийраслар репрезентативлик дизимине киргизиў болып, бул Арал бойында жасаўшы халық дәраматын арттырыў мақсетинде туризмди раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болады.

2020-жылдың 1-декабрь сәнесинде БМШ тың Траст фонды жанында аймақты турақлы раўажландырыў бойынша Консультативлик комитети шөлкемлестирилди. Ал 2021-жылдың 30-март сәнесинде БМШ менен Өзбекстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги басшылығында комитет мәжлиси болып өтип, мәжлисте 130 дан аслам академиялық тараў, халықаралық финанс институтлары ўәкиллери, БМШ агентликлери ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, жеке исбилерменлик агентлери, мәмлекетлик мәкемелер ҳәм пуқаралық жәмийет институтлары ўәкиллери қатнасты. Қарақалпақстанның бес елатлы пунктинде 35 мыңнан аслам хожалық ишимлик суў менен тәмийинленгени, Қоңырат ҳәм Беруний районлары туўыў үйлери ҳәм Нөкис қаласы перинаталлық орайында жаңа үскенелер орнатылғаны ҳаққында айтылды. 12,4 миллион долларлық жаңа жойбарлар мақулланып, Мойнақ районында көп тармақлы емлеўхана қурылысы қоллап-қуўатланды.

Солай етип, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басламасы менен дүзилген Траст фонды Өзбекстан басшысы көтерип шыққан идеялар ишинде ең әҳмийетлиси болды десек болады. Планетамыздағы ең ири апатшылықлардан бирин жеңиў ушын халық аралық ҳәрекетлерди бириктириў мүмкиншилиги туўылды.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекеттиң ишки турмысына түп-тийкарынан өзгерис киргизди. Ол кейинги ярым әсир ишинде пүткил Өзбекстан елиниң баслы машқаласын шеше алды – пахта егислик майданларын дерлик 40 процентке қысқартты ҳәм бул ийгиликли өзгерислерди әмелге асырыўды Қарақалпақстаннан баслады.  Улыўма  пахта жетистириў 6 миллион нан 3,5 миллион тоннаға қысқарды, ал бул сөзсиз үлкен көлемдеги суў үнемлениўин аңлатады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқарыда атап өтилген эколог-илимпазлар жазғанындай, адамзат өз раўажланыўының ҳәзирги басқышында қәдем қойған Қәўип-қәтер эрасында жасаў көнликпесин ийелеўи менен бир қатарда басқаларды да усы көнликпеге ийе болыўға шақырмақта. Ол жаңа орталықта жасырын ямаса ашықтан-ашық жүзеге келип атырған машқалаларды туўры анықлаў, белгилеў ҳәм  шешиўди үйретпекте. Ҳәзирге шекем ҳешким пүтин бир теңиз қурғап атырған шараятта жасап көрмеген, ҳешбир халық  бундай тәбият ҳәдийсесине ушырап, албырамаған еди. Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан бул үлкен машқаланы жеңиўге өз жолбасшысы басшылығында бириншилерден болып қәдем қоймақта.

Бизиң пикиримизше, Ш.М.Мирзиёевтың стратегиялық бағдарламасы тийкарында, барлық дәрежедеги мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик структуралар, соның менен бир қатарда Қарақалпақкино ҳәм республикадағы жоқары оқыў орынлары жәмәәти, ҳәтте мәмлекетлик шөлкемлер бөлимлери менен жоқары оқыў орынлары кафедралары да Аралбойын қайта раўажландырыў бойынша тийисли стратегиялық ҳәм тактикалық программаларға ийе болыўы тийис. Барлық социаллық институтлар, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлер, аўыл ҳәм қала халқы, дийқанлар ҳәм қала турғынлары, мелиораторлар, исши, студент, мектеп оқыўшылары ҳәм т.б.лардың жәмийетлик бирлеспелеринде анық ҳәрекетлер жобасы болыўы керек. Экологиялық апатшылық көлеминиң өзи усыны талап етпекте. Әлбетте, бундай анық әмелий илажлар баҳдарламасы Қарақалпақстан кино ғайраткерлеринде де болыўы зәрүр. Биз Аралды қайта тиклеўдиң илажы жоқ екенлигин түсинемиз. Бирақ Арал бойы халқын нормал жасаў шәраяты менен тәмийинлеў көбирек Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан, сондай-ақ Орайлық Азия мәмлекетлери халқына байланыслы.

Бизиң изертлеўимиз объектине келсек, биз кино шеберлери Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Аралбойын қайта раўажландырыў бойынша усынған басламаларына муўапық публицистикалық жақтан өткир формада, өз ўақтында ҳәм дурыс сәўлелендирип барыўды үйрениўи тийис. Журтбасшымыз дүзген бағдарламасы бойынша Аралбойын қайта тиклеў менен шуғылланыўды баслап атырған мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик структуралар, сондай-ақ, әпиўайы мийнеткеш халық ўәкиллери – Қарақалпақстан кинодокументалистика ғайраткерлериниң жаңа шәраятлардағы жумыс объекти ҳәм предмети болыўы зәрүр.

«Дүньяқарас» фильминдеги бир контрастлы метод жаңа өмир жемислери де бар екенлигин көрсетти. Фильм қаҳарманы Караматдин Сапарниязов қурғап атырған теңизге оғада байланып қалған, ол кишигирим көлде балық аўлап, соның менен тиришилик етеди. Ал оның баласы болса, «Урал» мотоцикли менен Мойнаққа жумысқа қатнайды, ол шөлистанлық жерлерде табыслы жумыс алып барып атырған үлкен кәрханалардың биринде ислейди.

Бәрибир, ең баслысы бул емес. Тийкарғы мәселе тамашагөйлерде Арал теңизи тәғдири ҳаққында пикир оятыў. Демек, тамашагөйлер сана-сезимине тәсир етиў, кино қураллары жәрдеминде публицистикалық тәсир арқалы миллионлап адамларда Арал трагедиясына жаңа мүнәсибет оятыў керек.

Бул ҳайран қаларлық болып көриниўи мүмкин, бирақ биз қарақалпақ кинодокументалистлери күшли фильмлер дөретиў ушын жеткиликли шеберликке ийе деп есаплаймыз. Тек оларда тийисли ҳәрекетлер шеңбери болмастан, керисинше, табыслы жумыс алып барыў, соның менен бирге шет еллерге хызмет сапарларына шығыў ушын қаржы ҳәм ҳәкимшилик-буйрықпазлық тәрепинен тосқынлық болады. Хызмет сапарларына шығыў жаңа сапалы ҳәм дәрежеге ийе фильмлер дөретиў, суў машқаласы орын алған басқа еллердиң экологиялық журналистика әмелиятын, мәселен, тамшылатып суўғарыў, суўды екинши мәрте пайдаланыў (балық жетистириў ушын) ҳәм т.б.лар бойынша ис тәжирийбелерин үйрениў ушын зәрүр. Суў миллий емес, ал миллетлер аралық, мәмлекетлер аралық, яғный улыўма инсаныйлық қәдирият екенлигин умытпаўымыз тийис.

Әлбетте, фильмлерде сийрек болса да жаңа пикирлер билдириледи. Мәселен, «Дәрья теңизге қуймағы дәркар» фильминде тамшылатып суўғарыў ҳаққында усыныс киргизилген. Бирақ бул, оғада зәрүр  идея ақырына шекем ашып көрсетилмеген. Биз машқаланың әҳмийетлилигин есапқа алған ҳалда, ҳәр түрли аспектлер: 1) тамшылатып суўғарыў; 2) суўдан екинши мәрте пайдаланыў ҳаққында қысқа (10 минутлық) ҳүжжетли фильмлер циклин дөретиў керек еди деп есаплаймыз.

Улыўма айтқанда, Арал теңизи ҳәм оның менен байланыслы машқалалар ҳаққында публицистикалық көз-қарастан, ғалабалық, илажы болса, улыўма регионаллық ҳәм дүнья жүзилик информациялық ҳәм аналитикалық ой-пикир қәлиплесиўи әҳмийетке ийе ҳәм Арал ҳаққындағы ҳүжжетли фильмлер мақсети ҳәм мазмуны усыған байланыслы болыўы тийис. Публицистикалық ҳүжжетли фильмлер жәрдеминде Арал ҳаққында дүнья жүзиндеги жәмийетшилик пикирин оятыў керек.

 

Тамара МАШАРИПОВА,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети “Журналистика” кафедрасының профессоры, филология илимлериниң докторы (DSc).

Гүлжәҳән ТӘЖЕТДИНОВА,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Баспасөз хаткери, еркин-излениўши.

Қарақалпақстан хабар агентлиги