Конституция елимиз пуқараларының ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеўши, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының хызметин тәртипке салыўшы ҳәм жумыс алып барыў принциплерин белгилеўши ең жоқары юридикалық күшке ийе бол­ған Бас нызам есапланады.

Конституциямызда халық ҳәкимияты мәселелери өзиниң оғада жақсы шешимин тапқан болып, оның мәниси соннан ибарат, қарақалпақстан халқын миллетиниң қандай болыўына қарамастан оның пуқаралары қурайды. Демек, республикамыз аймағында жасаўшы барлық халықлар, миллетлер Конституция алдында тең ҳуқыққа ийе ҳәм ол ҳәммениң мәпин бирдей қорғайды.

Тийкарғы нызамымызда пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери, олардың мәмлекет тәрепинен кепилликке алыныўы, ҳәкимшилик аймақлық дүзилис мәселелери, мәмлекетлик ҳәкимиятты шөлкемлестириў сыяқлы қатнасықлар тәртипке салынған. Бүгинги күнде елимизде жүз берип атырған жаңаланыўлар, демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыў, әдил пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў жолында ерисип атырған жетискенликлеримиздиң барлығы Конституцияда көрсетилген тийкарғы принциплердиң турмысқа толық енгизилиўи менен байланыслы.

Сонлықтан да, Конституцияны оқыў, үйрениў, мазмун-мәнисин терең аңлаў ҳәм оған әмел етиў, сондай-ақ, бул бағдарда үгит-нәсият жумысларын алып барыў ҳәр биримиздиң пуқаралық ўазыйпамыз, деп билиўимиз тийис.

Бүгинги күнде елимизде барлық тараўларда ерисилип атырған жетискенликлеримиз Конституциямызда беккемленип қойылған қағыйда ҳәм принциплер менен тығыз байланыслы. Конституциямыз ҳуқықый системаның тийкарғы нызамлы дәреги сыпатында, оған басқа нызамлар қайшы келиўи мүмкин емес. Сонлықтан, Конституция Тийкарғы нызам есапланады. Елимизде әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўдың кепили болып, бүгинги күнге шекем оған бир неше мәрте өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилип, жетилистирилип келинбекте.

Атап айтқанда, 2021-жыл 12-февраль күни өткерилген #арақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он бесинши сессиясында «#арақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамы қабыл етилип, усы нызам тийкарында Конституцияға бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Мәселен, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының «Биринши тараў», «Екинши тараў», «Үшинши тараў», «Төртинши тараў», «Бесинши тараў» ҳәм «Алтыншы тараў» деген сөзлердеги «тараў» сөзи «бөлим» сөзи менен, 2-статьясындағы, 15-статьяның екинши бөлиминдеги ҳәм 36-статьясы текстиндеги «адамлар» деген сөз «шахслар» деген сөз бенен алмастырылды. 70-статьяның 11-бәнти, сондай-ақ, 103 ҳәм 104-статьялары алып тасланды.

Жуўмақлап айтканда, өткен жыллар даўамында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың барлығы Конституциямызда белгилеп берилген нормалар тийкарында әмелге асырылып, халық мәпи ушын хызмет етпекте.

А.Жуманов,

ҚМУдың Инсан ҳукықлары, мәмлекетлик ҳуқық ҳәм басқарыў кафедрасы баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги