Бүгин, 7-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма жетинши сессиясы болып өтпекте.

Жоқарғы Кеңес мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы талапларына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы судының баслығын тайынлаў сессияның нәўбеттеги мәселеси етип қойылды.

Оған муўапық, Судьялар Жоқарғы Кеңесиниң Өзбекстан Республикасы Президенти менен келисилген жуўмағы тийкарында Жоқарғы Кеңес Баслығының усынысына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы лаўазымына Камал Тариховтың кандидатурасы усынылды.

Талабанның өмирбаяны менен танысып шыққан депутатлар Камал Тариховты Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы лаўазымына сайлаў ҳәм оны алдынғы жумыс орнынан босатыў ҳаққында қарар қабыл етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.