Бүгин, 7-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма жетинши сессиясы болып өтпекте. Сессия Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылды.

Жоқарғы Кеңес мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, сессия күн тәртибине муўапық ҳәрекеттеги 14 нызамға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў усыныс етилип, соның ишинде, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳаққында»ғы Нызамы 20-статьясының алтыншы бөлиминдеги комитетлер атамасына тийисли өзгерислер киргизилди.

Киргизилген өзгериске муўапық, еки комитеттиң атамасы өзгертилди ҳәм жаңадан бир комитет шөлкемлестирилди.

Яғный, Бюджет, экономикалық реформалар ҳәм инвестициялар мәселелери комитети – Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар, инновация ҳәм туризм мәселелери комитети болып, Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети – Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети болып өзгертилди.

Сондай-ақ, Жергиликли ҳәкимияттың ўәкилликли ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик уйымлардың ашықлығын тәмийинлеў мәселелери бойынша комитет шөлкемлестирилди.

Усы комитеттиң баслығы лаўазымына 48-санлы «Жиңишке» сайлаў округинен депутат Шарап Отемисов сайланды.

Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.