Президент Шавкат Мирзиёев 6-апрель күни қурылыс жойбарларының презентациясы менен танысты.

Жаңа Өзбекстан көшеси пайтахтымыздың әҳмийетли жолларынан бирине айланып бармақта. Соңғы жылларда ол жерде жаңа парк, көпир, университет қурылды. Енди бул көше бойында 610 гектар майданда турақ жайлар, мийманханалар, кинотеатр, ресторанлардан ибарат заманагөй комплекслер қурыў режелестирилген.

Мәмлекет басшысы дәслеп усы жойбардың макетин көзден өткерди.

Жойбарға тийкарланып, имаратлар төрт қабатлы, торт түрли дизайнда болады. Биринши қабатта саўда ҳәм хызмет көрсетиў мәкемелери жумыс алып барады. Жоқарғы қабатларда квартиралар ямаса мийманханалар болады. Көше бойында пияда ҳәм велосипед жоллары, жер асты ҳәм жер үсти жоллары қурылады.

Президентимиз жойбарды мақуллап, турақ жайларды энергияны үнемлейтуғын етип, ыссы ҳәм суўықта турақлы болыўын тәмийинлеў бойынша усыныслар берди. Жумыс орынларын көбейтиўге айрықша итибар қаратыў зәрүр екени атап өтилди.

– Ең әҳмийетлиси – халқымызға мүнәсип жасаў шараяты ҳәм жумыс орынларын жаратыў, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Есап-санақларға бола, имаратларда 1 миллион 700 мың квадрат метр саўда ҳәм хызмет көрсетиў майданы болады. Буның негизинде 14 мыңнан аслам жумыс орны шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, бул көшеде жайласқан «Ташкент-Шығыс» аэропортының инфраструктурасын раўажландырыў, жолаўшылар ушын заманагөй шараятлар жаратыў илажлары да белгиленди.

30-январь күни өткерилген презентацияда мәҳәлле орайларын қурыў жойбары көрип шығылған еди. Бул рет Президенттиң көрсетпелери тийкарында қайта исленген жойбар таныстырылды.

Оған бола, бундай орайларда стадион, ойын майданшалары, китапхана, компьютерхана, асхана, монша ҳәм басқалар болады.

Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрлигиниң усынысы тийкарында бул орайлардың орнын анықлаў ўазыйпасы қойылды.

– Жаслар үйренген, инфраструктура барған орынларды таңлаў керек. Мәҳәлле уйымын да усы жерге жайластырыў мүмкин. Сонда бул жерлер мәденият ҳәм ағартыўшылық орайы болады. Бул орайларда миллий өзлигимиз көрсетилиўи керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бизге белгили, 2025-жылы Ташкент қаласында Жаслар арасындағы Азия ойынларының өткерилиўи режелестирилген. Бул абырайлы жарыс ушын пайтахтымыздың Яшнабад районында Олимпия қалашасының қурылысы жойбарластырылған.

Жойбарға бола, қалаша орайында олимпия стадионы, оның еки қапталында жабық спорт комплекслери, суў спорты сарайы, шынығыў майданшалары, ескек есиў бассейни қурылады. Ҳәкимшилик имарат, жатақхана, музей ҳәм хожалық объектлери де қурылады.

Презентацияда Олимпия қалашасы объектлериниң баҳасын оптималластырыў илажлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Қәнигелер менен додалаў тийкарында, бул қалашаның жойбары тастыйықланды. Оны сапалы етип қурыў зәрүр екени атап өтилди.

– Бул комплекс халқымызға, жасларымызға мүлк болып қалады. Соның ушын биринши орында сапа, – деди Президентимиз.

Ташкент қаласында хызметлер тараўын раўажландырыў, соның ишинде, жер үсти метросы астындағы бос жер майданларында жаңадан хызмет көрсетиў ҳәм саўда орынларын шөлкемлестириўге қаратылған жойбарлар көрип шығылды.

Презентацияда Самарқанд туризм орайында алып барылып атырған дөретиўшилик жумыслар ҳаққында да мәлимлеме берилди.

Барлық дөретиўшилик жумысларды улыўма бир мақсет – жумыс орынларын шөлкемлестириў мақсети бирлестирип турады. Себеби, бул имаратларды қурыў ҳәм кейин ала пайдаланыў процесинде мыңлаған ўатанласларымыз жумыс пенен тәмийинленеди.

ӨзА