Пайтахтымыздағы «Өзэкспоорай» орайлық көргизбелер комплексинде «Uzbekistan Industrial exhibitions-2022» халықаралық санаат көргизбеси болып өтти.

«International Expo Group» көргизбе компаниясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы  Инвестициялар ҳәм сыртқы ислер министрлиги, Транспорт министрлиги, Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети сыяқлы бир қатар шөлкемлердиң жәрдеминде шөлкемлестирилген илажға 14 мәмлекеттен 100 ге шамалас компания қатнаспақта.

Бул көргизбе бир неше бағдардағы халықаралық көргизбелерди өз ишине алған болып, бул майдан қатнасыўшылар ушын қолайлы имканият жарататуғынлығын атап өтиў керек. Өз гезегинде, бундай илажлар елимиздиң саўда-экономикалық ҳәм санаат потенциалын арттырыўда қолайлы инвестициялық орталық жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Қатнасыўшылар бул көргизбе майданларында металлды қайта ислеў үскенелери, комплектлеўши бөлеклер және машина әсбаплары қурылысы ҳәм кепсерлеў хызметлери, жол-қурылыс арнаўлы техникаларын ислеп шығарыўшылар ҳәм жеткерип бериўшилер, автосанаат көргизбелери менен танысыўға миясар болмақта. Бир қатар кәрханалар кең ассортименттеги әсбап-үскенелер ҳәм қәўипсизликтиң жаңа қатнаслары, санаат объектлеринде қәўипсизликти тәмийинлеў ушын техникалық қураллар, ескертиў системалары, комплексли қәўипсизликти тәмийинлеў ушын үскенелер, индивидуал қорғаў қураллары, аудио ҳәм видео бақлаўлар, сондай-ақ, мәлимлеме қәўипсизлиги тараўындағы өзгерислер олардың итибарынан шетте қалмай атыр.

Әсиресе, химия ҳәм пластмасса санаатында жумыс алып барып атырған халықаралық ҳәм жергиликли компаниялар орын алған павильон келиўшилер менен және де толы.

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзАның хабаршысы