9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы

                                                  Конституциясы қабыл етилген күн

Ҳәр бир мәмлекеттиң демократиялық өзгешеликлерин сыпатлаўшы шәртлериниң бири – бул инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў болып есапланады. Бунда тийкарғы нызам болған – Конституцияның тутқан орны айрықша.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 71-статьясына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы өз Конституциясына ийе болыўы керек екенлиги белгилеп қойылған. Усыған тийкарланып, 1993-жыл 9-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилип, усы күнге шекем оған бир неше мәрте өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилип, жетилистирилип келинбекте.

2021-жылы Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигине 28 жыл толыўы мүнәсибети менен баспадан шығарылған жаңа басылымда усындай өзгерислер ҳәм қосымшалар өз көринисин тапқан.

Соңғы жылларда Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасының социаллық-экономикалық раўажланыўына  үлкен дыққат қаратылып, пуқаралардың турмыс шараятларын жақсылаў мақсетинде зәрүр имканиятлар менен  кең мүмкиншиликлер жаратылмақта. Қысқа ўақыт ишинде республикамыздың жәмийетлик-сиясий, экономикалық турмысында үлкен өзгерислер жүз берип, әсиресе, жасларға айрықша ғамқорлықлар  көрсетилип, олардың билим алыўына итибар қаратылып, ҳаял-қызлардың да өз шаңарағында ҳәм жәмийетте мүнәсип орын ийелеп, олардың пидәкерлик мийнетлери мүнәсип баҳаланып киятырғанлығын айрықша атап өтиўимиз тийис.

Бул өз гезегинде оларды  реформалар ҳәм жаңаланыўларда, өзгерислер процесинде белсендиликке умтылдырмақта.

Солай екен, елимизде жасаўшы ҳәр бир пуқара ҳуқықый мәдениятын арттырып барған ҳалда, нызамда белгилеп берилген жуўапкершилик ҳәм миннетлерин терең сезинип, елимиздиң уллы келешеги жолында аянбай хызмет етеди, әлбетте.

Руслан Джумамуратов,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги