Көпшилик «блогер» дегенде жәмийетимиздеги социаллық машқалаларды алып шығатуғынларды ғана көз алдына келтиреди. Улыўма социаллық тармақлардағы өзбек сегментинде лаўазымлы шахслар менен мәмлекетлик хызметкерлерден баслап әпиўайы адамларға шекем, блогерди жәмийетимизде болып атырған ўақыя-ҳәдийселерди сынға алатуғын, мүрәжатты үйрениўши, шешим излеўши, деп есаплайды. Негизинде блогер ким?

Блог – инглисше сөз болып web-log сөзинен алынған, яғный интернет бети, онлайн күделик болып есапланады. Бул онлайн күнделиктен текст, сүўрет ямаса мультимедиа орын алған болып, белгили бир шахс тәрепинен жүргизилетуғын интернеттеги бет.

Өз бетин алып баратуғын адамлар блогерлер, блоглар топламы болса блогосфера деп аталады. Биринши мәрте 1992-жылы ашылған болып, Тим Бернерс-Лиеге тийисли. 1996-жылдан баслап болса блоглар раўажлана  баслады. 1999-жыл августта Pyra-Labs компьютер компаниясы Blogger.com – биринши бийпул блоглаў хызметин иске қосты. «Блог» атамасы 1997-жыл 17-декабрьде Жорн Баргер тәрепинен ойлап табылған.

Блоглар авторлығына бола жеке, жәмәәтлик ҳәм корпоратив, мазмунына бола тематикалық ямаса улыўмалық болыўы мүмкин. Жайласыўына бола, тармақ, яғный блогтың хызметлеринде (blogspot.comlivejournal.com) ҳәм автоном, контент еркин басқарылатуғын системада (Telegram, Facebook, Instagram, Youtube, Тik-Tok, Twitter платформалары қатарында) жумыс алып барылады.

Facebook социаллық тармағындағы досларым арасында Баҳодир Камалов өзиниң бағы, жүзимлери, овощлары, аўылдың ҳаўа-райы ҳаққында постлар қойып барса, тарийхшы Ихтиёр Эсоновтың бетинде қызықлы тарийхый фактлер, белгили тарийхый шахслар ҳаққында оқыйсыз.

Қуўыршақ соғатуғын Моҳидил Турсунова, кестеши Моҳира Султонова болса өнерментшилик сырлары менен пикирлерин толық ортақласып барады.

Ҳайўанлар ушын баспана ашқан Ирода Маткаримова да блогер болып есапланады. Оның бетинде Өзбекстанға неге усындай ҳайўанлар ушын баспана керек екенлиги, ҳайўанларға неге меҳир-мүриўбет көрсетиў зәрүр екенлиги ҳаққында оқыйсыз. Ирода Маткаримованың блогы арқалы ҳайўанлар баспанасының саны артып, ҳайўанатларға меҳир көрсететуғын адамлар көбейди. Мине, усы блогер де бул системадағы кемшиликлерди арқайын сынға ала алды. Тек ғана Facebook емес, ал телеграмм каналлары да бар. Мен жоқарыда санап өткен блогерлер қоятуғын постына, мазмунына қарап тематикалық қатнаста болады.

Бизде болса, айырымлар камераны көтерип алып ерли-зайыптың төсегин сүўретке алыў, бузық қызларды сораўға тутыў, қандайда бир басшының ханасына бастырып кириў ямаса қандайда бир пуқараның ҳақыйқатын жүзеге шығарыў ушын анық болған ямаса болмаған фактлерди көтерип шаўып жүретуғынларды ғана блогер деп есаплайды.

Жоқарыда атап өткенимдей, блогер дегенде социаллық машқаланы көтерип шығатуғынларды ғана түсинеди. Тийкарғы бағдарына бола саяхат, сиясат, мода, турмыслық, билимлендириў, спорт, кино, саламатлық, бизнес, аўқатлар, өнерментшилик дөретпелери, музыка, АКТ – булардың барлығын избе-из жарытатуғын, мағлыўматлар берип баратуғын, жаңалықлар менен таныстыратуғынлар да блогерлер болып есапланады. Олар сенсацияға араласпай, биреўди уялтыў арқалы танылмай, басқалардың жаңалық алыўы, ўақытын мазмунлы өткериўи, қандайда бир нәрсени үйрениўине хызмет етеди.

Басқа мәмлекетлерде блог бетлериниң ғалаба ен жайғаны бойынша ҳәтте ең жақсы блоглар ушын таңлаўлар шөлкемлестириледи.

Бизде әне, сондай ҳәр қыйлы тематикаларда избе-из темаларды жазып баратуғынларды блогер деп есаплай ма? Жоқ. Ямаса олардың жазғанларын бақлап бара ма? Жоқ. Таңлаўлар неге керек? Басқа өзиниң бетине ийе болғанларға мотивация бериў, ҳәр бир адам өзинен «блогер жаратыў», оқып-үйрениў, аудиторияны кеңейтиў, социаллық тармақлардағы өзбек сегментин жәмийетлик, мәдений пикирин кеңейтиў ушын да керек.

Кейинги ўақытлары блогерлерди қамап атыр, деген хабарлар тез-тезден қулағымызға еситилмекте. Журналистлер еркин сөз айтпай атырғаны ушын олар менен ҳеш кимниң жумысы жоқ, деген тартыслар пайда болмақта. Сол қолға түскенлердиң изин сорастырсаң, пул есесине жер алып ямаса мәп есесине биреўдиң жумысын шешип бермекши болғанының гүўасы боласаң. Социаллық тармақларда, «Блогерлерден қолыңды тарт», «Ҳақыйқатшыл блогерлер», деген топарлардың пайда болғаны ҳәтте «блогер»лердиң өзи де блогер ҳәм блог түсинигине ийе емеслигинен, яғный блогер деген тек ғана ҳақыйқат излеўши деп түсиниўин сезиў қыйын емес.

Кейинги ўақытлары қандайда бир тема ҳаққында гәп болса ямаса мүрәжат пайда болса журналистлер ҳәм блогерлер деп мүрәжат ететуғын болды. Ең қызығы, бир жерден интервью алыўға барса журналисттен ҳүжжет талап етеди дә, блогерден ҳүжжет талап етпеўи, олардың ўәкиллигин төртинши ҳәкимият болып есапланған журналистлердикинен де жоқары қойыў емес пе?

Көпшилик журналист өзиниң жумысын орынламағаны ушын блогерлерге адамлар мүрәжат етеди, деп ойлайды. Ямаса қаншадан-қанша машқалалар интернет редакциясы ямаса басылымларда журналистлердиң машқалаларға қайта-қайта итибар бергени ушын шешилип атырғанын тән алыўды қәлемейди.

Журналист қандайда бир машқаланы ҳадал үйренип, сол машқаланы жәбиркеш тәреп шешсе де, ҳәмелдарды сынға алса алады да,  ҳеш бир журналистке басым өткерилмейди. Социаллық тармақта жақында бир блогерди қамап қойыпты, деген хабарларға көзим түсти. Бетине кирип көрсем ҳеш қандай түйирли пикир, гәп жоқ. Бир мәрте мен блогер сыпатында мүрәжат етип атырман, деген фактсыз сынлары ушын оны қолға алған екен. Ҳәм барлық жерде блогерге басым болып атыр, деп жар салды. Оның тиккелей айтқан сын пикирин қаншадан-қанша журналистлер фактлер менен жазып атыр, неге ҳеш ким оларды услап кетпей атыр. Ямаса ҳақыйқый сиясаттан, жәмийетлик турмыстан жақсы блогерлер өзиниң каналларында, бетлеринде сәўлелендирип атыр, ҳеш ким индемей атыр? Мәселен, белгили Нилуфар Жумаева, Азиза Қурбонова, Хушнудбек Худойбердиев, Қобил Хидиров, Шаҳноза Соатова сыяқлы журналистлер өзиниң социаллық тармақ бетлеринде де, телевидение арқалы да қаншадан-қанша машқалаларды көтерип шығып атыр, аямастан сын пикир айтып атыр, бирақ оларға қадағалаў болғаны жоқ ғо.

Блогер ким? Блогер социаллық тармақларда өзиниң бетин жүргизиўши социаллық тармақ пайдаланыўшысы. Ол ҳақыйқат излеўши, машқалаларға шешим табыўшы, кимдидур шерменде етиўши, шантаж етиўши емес. Ол қәлеген темада қызықлы етип мағлыўмат бере алатуғын, адамларға жаңалық жеткере алатуғын, бир ўақыя-ҳәдийсеге өзиниң мүәнсибетин креатив билдире алатуғын белсенди социаллық тармақ пайдаланыўшысы болып есапланады, ҳасла еки тәреп арасында туратуғын қазы емес…

Барно Султонова,

дәрек: журналистика.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги