Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында «Китапқумарлық ҳәптелиги»ниң ашылыўы ҳәм жазыўшы Сағындық Ембергеновтың туўылғанының 70 жыллығына бағышланған ушырасыў болып өтти.

Илажда филиал директорының орынбасары С.Ғаниев, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының жуўаплы хаткери Б.Ерназаров, Қарақалпақстан халық жазыўшысы А.Абдиев, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы Я.Әжимов, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы республикалық Балалар китапханасының  директоры З.Сейтниязова сөзге шығып, жасларды китапқумарлыққа тартыўда өткерилип атырған ҳәптеликтиң әҳмийетине, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, жазыўшы ҳәм  тележурналист Сағындық Ембергеновтың дөретиўшилигине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, жас әўладтың руўхый-интеллектуаллық потенциалын, сана-сезимин ҳәм дүнья танымын кеңейтиўде, ана Ўатаны ҳәм халқына муҳаббат ҳәм садықлық сезими менен жасайтуғын бәркамал шахсты тәрбиялаўда китапқумарлық айрықша әҳмийетке ийе. Бунда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-сентябрьдеги «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары, сондай-ақ Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес баслама әҳмийетли бағдарлама болып хызмет етпекте. Сондай-ақ, жазыўшы ҳәм  тележурналист Сағындық Ембергеновтың дөретиўшилиги бойынша кең түрде мағлыўмат берилди.

-Бундай ушырасыўдың өткерилиўи жаслардың жазыўшы-шайырларымыздың дөретиўшилигине болған қызығыўшылығын арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе,-дейди филиал баспасөз хаткери З.Хожамуратова.-Китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў мақсетинде ҳәптелик шеңберинде қызықлы таңлаўлар, «Зәкаўат» интеллектуаллық ойыны өткерилип, жеңимпазларды мүнәсип сыйлықлаў режелестирилген.

Илаж қатнасыўшыларына студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы, сахналық көринислер көрсетилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги