Ташкент қаласында Өзбекстан кураш федерациясының мәжилиси болып, онда өткен жыл даўамында әмелге асырылған жумыслардың жуўмағы көрип шығылды.

Илажда 12 номинация бойынша жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Қуўанышлы тәрепи Өзбекстан кураш федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң атқарыўшы директоры Серик Жүсипбеков «Жылдың ең пидайы атқарыўшы директоры» номинациясының жеңимпазы болды.

Сондай-ақ, елимизде миллий спортымыз болған кураш түрин раўажландырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги