Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында  «Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўының шөлкемлестириў-ҳуқықый тийкарлары» атамасында әмелий семинар болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши Қарақалпақстан Республикасы комиссиясының ағзалары, қалалық ҳәм районлық комиссиялардың, жумысшы топарлардың  баслықлары, жергиликли Кеңеслердиң секретариат баслықлары, ҳәкимликлердиң шөлкемлестириў-кадрлар топарларының басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Семинарды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов басқарып барды.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Мәмбетқадиров пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўының шөлкемлестириў-ҳуқықый тийкарлары, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов 2019-жылда болып өткен сайлаўда жол қойылған кемшиликлер ҳәм олардың алдын алыў илажлары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети баслығының орынбасары, республикалық комиссия баслығының орынбасары Т.Мадумаров сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў процесинде қалалық ҳәм районлық комиссиялардың ўазыйпалары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты аппаратының шөлкемлестириў жумыслары бөлиминиң баслығы, республикалық комиссияның хаткери А.Бабаев сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў процесинде Жумысшы топарлардың ўазыйпалары ҳаққында баянат жасады.

Атап өтилгениндей, усы жылдың 16-март күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққындағы» қарары, усыған муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының да тийисли қарары қабыл етилди. Усы қарарларға тийкарланып, быйылғы жылдың май айында республикамыздағы барлық 424 өзин-өзи басқарыў уйымында пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын өткериў белгиленди.

Соның менен бирге, «Пуқаралар жыйынлары баслығы (ақсақалы)н сайлаў ҳаққындағы» нызамға муўапық пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши Қарақалпақстан Республикасы, қалалық ҳәм районлық  комиссиялар, сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша ҳәр бир пуқаралар жыйынында Жумысшы топар дүзилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарары менен тастыйықланған илажлар режесине муўапық сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши Қарақалпақстан Республикасы, қалалық ҳәм районлық  комиссиялар және Жумысшы топарлар ушын әмелий семинарлар шөлкемлестириў белгиленген. Илажда пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў ҳәр биримизден айрықша жуўапкершилик талап ететуғынлығы атап өтилди.

-Әмелий семинарда пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўының шөлкемлестириў-ҳуқықый тийкарлары менен бир қатарда 2019-жылда болып өткен сайлаўда жол қойылған кемшиликлер атап өтилип, оларды болдырмаў илажлары белгиленди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министри Сағындық Турманов.-Буннан гөзленген тийкарғы мақсет, болажақ сайлаўларды шөлкемлескенлик пенен өткериў, талабанлардың арасынан ең мүнәсиплерин сайлаў болып табылады.

Илаж қатнасыўшылары сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.