(Жазыўшы Марат Қарабаев пенен сәўбетлеринен)
Он сегиз жасымда әкем – устазым маған пәтиясын берип, той саўыўға рухсат етти. Бир-еки тойды атқардым да, соӊ лаппа қойдым.
-Онысы қалай?
-1947-жылы Қоӊыраттыӊ «Калинин» атындағы колхозында турыўшы Әмет дегенниӊ тойына биринши рет хызмет еттим. Сол ўақтымда-ақ «Бәзирген», «Юсуп-Ахмет», «Саятхан-Ҳәмра» дәстанларын ядқа билетуғын едим.
Той жүдә дәбдебели өтти. Алдыма жайыўлы турған бир қос жупқа орамал ақшаға толды. Ол ўақтағы дәстүр бойынша бақсы не түссе бәрин өзи алып кететуғын еди. Түскен пуллардан, орамаллардан тойханада хызмет етип жүрген қыз-келиншеклерге сарқыт бердим де, қалғанын үйге әкелдим. Әкем бир ырым қылды ма, әйтеўир сол түскен ақшаға өзимди Шоманайға жиберди. Бир буўаз қашарды 1700 манатқа сатып алып келдим. Үйдиӊ иши болып бәримиз қуўандық. Пайдасы болмады, қашарымыз туўа алмай, пышаққа илинбей өлип қалды. Соӊ билип жүрмиз аў, бийшара жүдә арық екен.
Арадан он күн өткен жоқ Дәўен деген биреў тойына бақсышылық етиўге шақырып келди. Бул сапары да шеп болмады. «Бала бақсы» деген лақабым көп жерге тараған екен, адамлар көп жыйналды. Бул сапары әкемниӊ өзи тойдан түскен пулды белине түйип, Гөнеге кетип еки ешки, бир қой ҳәм арбаға жегемен деп бир ешек сатып әкелди. Бул ретте де қырсығына шапты, биз қой-ешкимизди қосып қойған пада турысы менен жоғалып кетти.
Усы ўақыядан соӊ әкем мени алдына шақырып алып: «Мен сени оқыўға да жибермей, зорлап иркип, бақсы болсын деп талапланып жүр едим. Бул дегеним болмады. Саған бақсышылық несип етпеген екен. «Ҳөнерди үйрен, үйрен де жийрен!»-деген. Бар оқыўыӊа кет, рухсат!»-деди ҳәм пәтиясын берди.
Соннан институтқа түсип оқып кеттик-аў. Қосық айтыў, саз шертиўди даўам еттим де, бирақ тойда бақсышылық етпедим. Әкем-устазымныӊ сөзине, өзимниӊ ўәдеме қылаплық етким келмеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги