Конституция – бул ҳәр бир мәмлекеттиң  миллий  ҳуқық системасының тийкарын қураў менен бирге, ол мәмлекетлик қурылыс, ҳәкимият ҳәм басқарыўды шөлкемлестириў принциплерин, жәмийетлик турмыстың өлшемлерин өзинде жәмлеўи менен әҳмийетли саналады.

Елимиздиң ғәрезсиз раўажланыў басқышларына нәзер таслар екенбиз, әлбетте жәмийетлик-сиясий турмысымызда жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўлар, социаллық-экономикалық тараўларда ерисилип атырған жоқары нәтийжелер, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар – булардың барлығы Тийкарғы Нызамымыз жаратып берген имканиятлардан екенин және бир мәрте терең аңлаймыз.

Солай екен, қанша дәўирлер өтсе де бәршемиз мақтаныш ететуғын Конституциямыз ғәрезсизлигимизди беккемлеўдиң, елимизди буннан былай да раўажландырыўдың, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўдиң беккем тийкары сыпатында кеўиллерден терең орын ийелейди.

Мине, өткен қысқа дәўир ишинде ерисилген нәтийжелер, жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық, руўхый ҳәм мәдений турмысымызда жүз берген өзгерислер менен жаңаланыўлар инсанлар қәлбинде миллий мақтаныш сезимлерин оятпақта.

Әсиресе, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында барлық тараўларда реформалардың тереӊлесип барыўы, әсиресе,  билимлендириў тараўына айрықша итибар қаратылыўы, социаллық жәрдемге мүтәж инсанларды қоллап-қуўатлаў бағдарында жүргизилип атырған кең көлемли жумыслар, исбилерменликти раўажландырыў, жасларымызды ҳәм ҳаял-қызларымызды қоллап-қуўатлаў мәселелериниң мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилиўи – булардың барлығы халқымызды турмыстан разы етиў бағдарында әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерден саналады.

Әсиресе, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар бул бағдардағы ийгиликли ислерге беккем тийкар болмақта.

Өзинде көплеген мақсет ҳәм ўазыйпаларды жәмлеген быйылғы жылдың «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы» деп аталыўы да өзлериниӊ айрықша таланты, билими менен елимиздиң және де гүллеп-раўажланыўына үлесин қосатуғын елимиздиӊ ҳәр бир пуқарасына, соныӊ ишинде, зийрек жасларға қаратылып атырған итибардың бир көриниси, десек қәтелеспеймиз.

Өзлериӊизге белгили, ҳəзирги ўақытта елимизде жоқары билимлендириў системасын раўажландырыў ҳəм жетик кадрларды таярлап шығарыў бағдарындағы ислер жаӊа басқышларға көтерилип бармақта.

Әсиресе, барлық тараўлар қатарында билимлендириў системасын және де жетилистириўге, жаслардың тереӊ билим алыўын, спорт пенен шуғылланыўын, өз қәбилетин ҳәм талантын жүзеге шығарыўын ҳәм өзи таңлаған кәсиптиң жетик маманы болып жетилисиўин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

Сөзимизге мысал ретинде  Қарақалпақстан Республикасында жоқары оқыў орынларыныӊ саны 10 ға жеткенлиги, жоқары оқыў орынларында квоталардың көбейгени,  алыс аймақлардағы жасларымыз ушын бир қатар жеңилликлердиң жаратылғаны, бир қанша қәнигеликлер бойынша бакалавр ҳəм магистратура тəлим бағдарларының ашылғаны – булардың барлығы ҳүрметли Президентимиздиӊ қарақалпақстанлы жасларға деген аталарша ғамхорлығыныӊ болып есапланады.

Соны да айрықша атап өтиўимиз тийис, Президентимиздиң 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаӊа Өзбекстанныӊ раўажланыў стратегиясында ҳәм болып өткен видеоселектор мәжилислеринде жоқары оқыў орынлары студент-жасларыныӊ бәнтлигин тәмийинлеў, 2026-жылға шекем республика аймақларында кеминде бир мәмлекетлик емес жоқары оқыў орнын шөлкемлестириў,  «Эл-юрт умиди» фонды арқалы жасларды сырт елдеги  абырайлы жоқары оқыў орынларына оқыўға жибериў көлемин
2 есеге арттырыў,  ҳаял-қызларымыз ушын қосымша грантларды ажыратыў сыяқлы бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Әлбетте, бул жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы ийгиликли ислерден болып табылады.

Бүгинги күнде өзлерине жаратылып атырған кең имканиятлардан нəтийжели пайдаланып атырған студент-жасларымыз жоқары нәтийжелерге ериспекте.

Өзбекстан ҳәм халықаралық көлемде өткерилип киятырған спорт жарысларында, ҳәр қыйлы таӊлаўларда университет жасларыныӊ жеӊимпазлар қатарынан орын алып киятырғаны, сондай-ақ, талантлы қыз-жигитлеримиздиӊ “Зульфия” ҳәм “Ниҳол” сыйлықларына миясар болыўы сөзимизге айқын мысал болады.

Әлбетте, булардыӊ барлығы Тийкарғы Нызамымыз жаратып берген имканиятлардың нәтийжеси болып табылады.

Ең тийкарғысы, елимизде  жүз берип атырған бундай жаңаланыўларды күннен-күнге шырай ашып атырған барлық қала ҳәм аўылларымыз мысалында, тараўларда ерисилип атырған нәтийжелерде көплеп ушыратыў мүмкин.

Солай екен, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы да қүдиретли ҳуқықый ҳүжжет сыпатында елимиздиӊ раўажланыўы ҳәм халқымыздыӊ ийгилиги жолында хызмет ете береди.

Пурсаттан пайдаланып, барлық республикамыз халқын 9-апрель- Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң
29 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлайман.

Тийкарғы нызамымыз шеӊберинде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған үлкен дөретиўшилик ислерге үлес қосыў бахты бәршеңизге несип етсин.

 

Венера Каленова,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси депутаты.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги