5-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Пакистан Ислам Республикасы Бас министри ўазыйпасын атқарыўшы Имран Хан менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Басшылар муқаддес Рамазан айының кирип келгени менен бир-бирин қызғын қутлықлап, мәмлекетлеримиздиң дос халықларына тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм турақлы раўажланыў тиледи.

Усы жылы 3-4-март күнлери Пакистанға әмелге асырылған жоқары дәрежедеги мәмлекетлик сапары жуўмағында қабыл етилген қоспа «жол картасы» орынланыўының барысы көрип шығылды. Бәринен бурын, саўда, санаат, аўыл хожалығы, фармацевтика, туризм, мәденият ҳәм басқа да тийкарғы бағдарлардағы көп қырлы бирге ислесиў жойбары менен бағдарламаларын өз ўақтында әмелге асырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша да пикир алысылды.

Сөйлесиў жуўмағында Өзбекстан жетекшиси Пакистан Ҳүкиметиниң басшысы ҳәм халқына усы мәмлекетте болажақ әҳмийетли сиясий илаж – парламентлик сайлаўдың табыслы өтиўин тиледи.

ӨзА