«Milliy banklararo protsessing markazi» ЖШЖ мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бүгин, 5-апрель күни саат 12:30 дан 13:00 ге шекем терминалларды «HUMO» процессингине жалғаўда қысқа мүддетли қыйыншылықлар жүзеге келген.

Саат 13:00 ге келип бул жағдай сапластырылған ҳәм «HUMO» карталары менен барлық операциялар қайта тикленген.

Бирақ, саат 15:00 ден кейин нәтийжесиз транзакциялар ақыбетинде карталардан еки мәрте пул шешип алыў жағдайлары бақланған.

Алдағы ўақытларда усы сыяқлы қәўиплер менен насазлық жағдайларының қайталанбаўы ушын жағдай себеплери толық анықланып, сапластырылғанға шекем «HUMO» өз терминаллары ҳәм төлеў қосымшаларының жумысларын ўақытша шеклеў бойынша қарар қабыл еткен.

«Milliy banklararo protsessing markazi» ЖШЖ жүзеге келген қолайсызлықлар ушын кеширим сорап, ҳәзирги ўақытта мобиль қосымшалардың ислеўи бираз тикленгени, жақын ўақытлар ишинде «HUMO»ның басқа барлық хызметлери толық көлемде ислей баслайтуғынлығын мәлим еткен.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.