Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес басламаның бири бул жасларды физикалық жақтан шынықтырыў, олардың спорт тараўындағы қәбилетлерин жүзеге шығарыўы ушын зәрүр шараятларды жаратыўға бағдарлаған болып, усы бағдарда бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Баслығының кубоги ушын шөлкемлестирилген жарыслар да усы илажлардан бири болып есапланады.

Усы жыл 5-апрель күни Нөкис қаласы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде (манежде) республикамыздың барлық мәҳәллелери, секторлары, район (қала)лары арасында усы кубок ушын еки ай даўамында өткерилетуғын усы жарысқа старт берилди.

Мәресимде шығып сөйлегенлер, бул илажлар мәҳәллелердеги жаслардың саламатлығын арттырыў, жасларымызды ғалаба түрде спортқа қамтыў мақсетинде өткерилип атырғанлығын атап өтти.

Бундай илажлар келешегимиз болған жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға мүнәсип шараятлар жаратыў, бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде әмелге асырылмақта.

Жарысларды өткериў даўамында мәҳәллелердеги жәмлеспеген жаслар арасында спорттың футбол ҳәм мини футбол түрлери бойынша жарыслар өткерилип, оған бир неше мыңнан аслам жаслардың қамтып алыныўы күтилмекте.

Илажда көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги