Халық билимлендириў министрлигине қараслы барлық билимлендириў мәкемелеринде 2-апрель – Халықаралық балалар китаплары күни кең түрде белгиленип, Республикалық балалар китапханасында да «Китап бизди бирлестиреди» атамасында байрам кешеси ҳәм «Перзентиме китап саўға етемен» атамасында акция өткерилди.

Байрам кешесинде жазыўшы ҳәм шайырлар тәрепинен балаларды китапқумарлыққа кеңнен тартыў мақсетинде алып барылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилип, жаңа шығармаларынан үзиндилер оқып берилди.

Оқыўшылардың қатнасыўында шоу викторина ойынлары өткерилди. Онда балалар ертек китаплардан алынған ўақыялар бойынша сораўларға жуўаплар берип, дурыс жуўап берген балалар естелик саўғалары менен сыйлықланып барылды.

Оған Нөкис қаласындағы «Жеке терек», «Теле орай», «Сәрбиназ», «Гүлзар» МПЖдан, сондай-ақ, Әмиўдәрья, Тақыятас, Шымбай, Қараөзек, Хожели районларынан 230 дан аслам мектеп оқыўшылары, китапханашылар ҳәм ата-аналар қатнасты.

Сондай-ақ, илаж даўамында 7-17-февраль күнлери 7-14 жас аралығындағы балалар арасында «Миллий бабалар ойыны» атамасында өткерилген таңлаўдың жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими де өткерилди.

Акция даўамында ата-аналар өз балаларына 60 тан аслам китаплар сатып алды.

 

Илажда китапхана хызметкерлери ҳәм  Республикалық «Бәркамал әўлад» балалар мектебиниң муғаллимлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги