Трихолог Ольга Симонова шаштың түсиўиниң тийкарғы себеплерин санап өтти.

Қәнигениң пикиринше, бәҳәр паслында қыста жыйналған азықлық элементлериниң азайыўы себепли организмде пайдалы микроэлементлер жетиспейди.

Шаш фолликулаларының тығызлығы ҳәм өсиўине тәсири турақсыз температура режими ҳәм капиллярлардың тарайыўы себепли шашлар пайдалы витаменлер алыўды тоқтатады ҳәм түсе баслайды.

Буннан тысқары, бәҳәр паслы руўхый кеселликлердиң артыўы, стрессти күшейтиўи ҳәм гормонал өзгерислерге алып келиўи мүмкин.

Сол себептен шаштың ттүсиўи ҳаял-қызларға да емес, ал ерлерге де тәсир етиўи мүмкин. Кәлликтиң айырым басқышларында шашлардың тиклениўи тек ғана трансплантация усылы менен мүмкин, соның ушын олардың жағдайына итибар бериў, қолдан келгенше жеделлик пенен қәнигеге мүрәжат етиў керек. Сондай-ақ, ол өзин-өзи емлеў менен шуғылланбаўды усыныс етти.

Инглис трихологлары да ҳаял-қызларда шаштың түсиўиниң тийкарғы себеплерин анықлады. Олардың пикиринше, булардың дерлик бәршеси жуқпалы стресс, тосыннан салмақ жоғалтыў ҳәм аўқатланыўдағы өзгерислер себепли жүз береди. Сондай-ақ, жоқары дене температурасы, темир жетиспеўшилиги ҳәм витаминлер, ҳәмиледарлық және қалқан тәризиндеги без кеселликлери шаштың түсиўине себепши болыўы мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги