Усы жылы «Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм «Өзхимиясанаат» АЖ биргеликте карбонат ангидрид (CO2) газының қоршаған орталыққа жеткеретуғын зыянын кемейтиў ҳәм қосылған қунлылықтағы жоқары сапалы өнимлерди өндириўди жолға қойыў мақсетинде «Uz-Kor Gas Chemical» қоспа кәрханасында «Карбонат ангидрид газынан турмыслық сода өндириў» жойбары әмелге асырылды.

«Өзбекнефтьгаз» АЖ баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, жойбар тийкарында кәрханадан шығатуғын карбонат ангидрид газының узынлығы 15 километр болған қубыр арқалы «Қоңырат сода заводы» ЖШЖ қоспа кәрханасына жеткерилиўи нәтийжесинде бир жыл даўамында шығатуғын 35 мың тонна карбонат ангидрид газынан азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы ушын оғада зәрүр болған қосымша 20 мың тонна натрийли ҳәм кальцийли турмыслық сода өнимлерин өндириў жолға қойылды.

Жойбар шеңберинде қәнигелиги бойынша жас кадрлар ушын қосымша 20 дана жоқары мийнет ҳақы төленетуғын жумыс орынлары жаратылып, улыўмалық баҳасы 6 миллион АҚШ доллары болған өним өндирилиўине ерисилди. Өндирилген өнимниң тийкарғы бөлими экспортқа жиберилмекте.

Бул болса, өз гезегинде, «Uz-Kor Gas Chemical» қоспа кәрханасының Арал ҳәм Қарақалпақстан аймағында карбонат ангидрид газларының аймақ экологиясына жеткеретуғын тәсирин минималластырды.

Нәтийжеде заводтың экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик ҳәм халықаралық талаплардың орынланыўын тәмийинлеў менен бир қатарда аймақтың экономикалық көрсеткишлериниң жоқарылаўына унамлы тәсир көрсетеди.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.