Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 29 жыл толыўына арналған салтанатлы мәжилис болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы прокурорының орынбасары Ерполат Қайыпбергенов, Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы Махмуд Байниязов профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.

Салтанатлы мәжилис мәмлекетлик гимнлердиң атқарылыўы менен басланды.

Илажды институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Қ.Қодиров басқарып барды.

Атап өтилгениндей, конституция – ҳәр бир мәмлекеттиң тарийхы, бүгинги күни ҳәм келешегин, халықтың ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши тийкарғы нызам болып есапланады.

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы 1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында қабыл етилген.

Конституция әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәм олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып есапланады.

Бас Нызамымызда барлық нормалар ең алды менен инсанның ҳуқық ҳәм мәплерин кепилликке ала отырып, инсан-жәмийет-мәмлекет принципи тийкарында ислеп шығылған.

Мәжилисте шығып сөйлеўшилер тәрепинен жоқарыдағы мағлыўматлар менен биргеликте Конституциямызға киргизилген соңғы өзгерис ҳәм қосымшалар, олардың әҳмийети ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

Илажда институттың миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы аға оқытыўшысы Бахтыгүл Арзиева Конституцияда инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң кепилликлери, олар тийкарында ислеп шығылып атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында баянат жасады.

Шығып сөйлеўшилер жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 29 жыл толыўы байрамы менен қутлықлап, мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, жаслардың ҳуқықый саўатлылығы және мәдениятын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтти.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотолары.