Усы жылдың 1-апрель күни саат 12:30 ҳәм саат 16:30 лар шамасында республикамыз аймағында 7 өрт жағдайы жүз берди.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ғалаба хабар қураллары ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен бирге ислесиў топары баслығы, капитан Айбек Абдирахмановтың бизге мәлим етиўинше:

– Қоңырат районында 70 квадрат метр;

– Қараөзек районында 70 квадрат метр;

– Қанлыкөл районында 60 квадрат метр;

– Тахтакөпир районында 40 квадрат метр;

– Нөкис районында 35 квадрат метр;

– Хожели районында 20 квадрат метр;

– Нөкис қаласында 20 квадрат метр көлеминдеги аймақлар өрттен зыянланған.

Мәлим болыўынша, жүз берген барлық өртлер пуқаралардың малқораларында жүзеге келген.

– Өртлердиң анық себеби ҳәм материаллық зыяны сорастырыўлар даўамында анықланады. Бирақ, тийкарғы болжаўларға муўапық, барлық өртлерге ҳаўа температурасының көтерилиўине байланыслы пуқаралардың абаданластырыў жумысларын алып барып, шығындыларды өртеп, қараўсыз қалдырғанлығы себеп болған болыўы мүмкин.

Өртлер ақыбетинде пуқаралардың жәми 4 бас үй ҳайўанлары (соннан, бир бас ешек, 3 бас қарамалы) набыт болған. Дене жарақатын алған яки қайтыс болған пуқаралар жоқ.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы пуқаралардан абаданластырыў жумысларын алып барған ўақытта шығындыларды өртеп, қараўсыз қалдырмаўды сорай отырып, шығындыларды өртеп, ҳаўаны патаслаў ҳәм өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етпеў ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болатуғынлығын ескертеди.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.